Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.01.2022 14:43
  • 644

«Загран» паспортты Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы алыў имканияты жаратылады

«Загран» паспортты Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы алыў имканияты жаратылады
Усы жылдың 1-январь күнинен баслап өзбекстанлыларға сырт еллерге шығыў ушын биометриялық паспортты рәсмийлестириў ҳәм бериў альтернативалық түрде Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, сырт еллерге шығыў ҳәм биометриялық паспорт бериў ушын төлем муғдары базалық есаплаў муғдарының 1 есеси етип белгиленди. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, алдын бул төлем базалық есаплаў муғдарының 1,2 есесин қурайтуғын еди.

Ҳәзирше бул хызмет Ташкент қаласы, Самарқанд, Әндижан, Ферғана, Хорезм, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Бухара, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларында көрсетилмекте.

2022-жылдың ақырына шекем барлық Мәмлекетлик хызметлер орайларында усындай имканиятты басқышпа-басқыш жаратыў жобаластырылған.

Соны қосымша етип өтиў орынлы, Мәмлекетлик хызметлер орайларында хызметлер экстратерриториаллық принцип тийкарында (дизимге алынған орнына қарамастан) көрсетиледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки