Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2022 13:16
  • 750

Студент-оқыўшылар ушын қысқы дем алыс мүддети узартылды

Студент-оқыўшылар ушын қысқы дем алыс мүддети узартылды
Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлердиң студент-оқыўшылары ушын қысқы дем алыс мүддети 2022-жылдың 24-январына шекем узартылды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, 10-24-январь күнлери аралығында финанслық бийғәрезликке ерискен ҳәм кредит-модуль системасына өткен барлық жоқары оқыў орынлары басшылары менен профессор-оқытыўшылары ушын семинар-тренинглер өткериледи. Бул илажларға жоқары оқыў орынлары жанындағы барлық профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлердиң басшылары да бириктириледи.

Өз гезегинде, қысқы дем алыс дәўиринде студент-оқыўшылардың ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде жоқары оқыў орынларының ректорлары менен биргеликте онлайн пән олимпиадалары, интеллектуал викториналар шөлкемлестириледи.

Студент-оқыўшыларға өз үйлеринен билимлендириў мәкемелерине қайтыўына қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде авиа ҳәм темир жол билетлери тариф бөлиминен 50 процент муғдарында шегирме берилиўи мүддети де 2022-жылдың 24-январына шекем узартылды.

2022-жыл 11-январьға шекемги мүддетте сатып алынған авиа ҳәм темир жол билетлери бийпул тәризде тийисли мүддетке алмастырып бериледи.

Хабарда жазылыўынша, усы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде министрликте арнаўлы штаб шөлкемлестирилген болып, барлық шөлкемлестириў мәселелери бойынша 1006, +99871 246-97-45, +99871 246-28-63 телефон номерлерине мүрәжат етиў мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған