Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 2022-жылдың 1-январь сәнесинен баслап Нөкис қаласы ҳәм Беруний районындағы мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы Өзбекстан пуқараларына сырт елге шығыў биометриялық паспортын бериў хызмети көрсетилмекте.Бунда сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын төлем муғдары базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси етип белгиленген.
Хабарда жазылыўынша, 2022-жылдың жуўмағына шекем бул хызмет республикамыздағы барлық мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилиўи жобаластырылған.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, «Пуқаралардың сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы арза жибериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти»не муўапық, пуқаралар сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын арзаны өз қәлеўи менен төмендегилердиң бирине бериўи мүмкин:
- Ишки ислер министрлигиниң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшелерине барыў арқалы;
- Мәмлекетлик хызметлер орайларына барыў арқалы;
- Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы.
Арза бериўде сораўнама толтырылады, сораўнамада надурыс мағлыўматлар көрсетилгенде ямаса ҳүжжетлер толық болмағанында, кемшиликлерди сапластырыў ушын арза бериўшиге 5 жумыс күни бериледи, кемшиликлер сапластырылмаса сораўнама бийкар етиледи.
Пуқаралар сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын 3 (үш) жумыс күнинде мәмлекетлик бажы пулын төлейди.
Арза бериўши арзасы қабыл етилгенлиги ҳәм фотосүўретке түсиў және қол бармақ электрон излерин алыў ушын келиў күни ҳаққында 1 (бир) жумыс күнинде хабардар етиледи.
Сырт елге шығыў биометриялық паспорты 10 (он) жумыс күнинде бериледи.
Соны қосымша етип өтиў орынлы, мәмлекетлик хызметлер орайларында хызметлер экстратерриториаллық принцип тийкарында (дизимге алынған орнына қарамастан) көрсетиледи.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz