Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.01.2022 11:18
  • 612

Газ «заправка»ларда автомобильлерге нормадан артық газ толтырыў ақыбетинде қайтыс болған ҳәм жарақат алғанлар ҳаққында мағлыўмат берилди

Газ «заправка»ларда автомобильлерге нормадан артық газ толтырыў ақыбетинде қайтыс болған ҳәм жарақат алғанлар ҳаққында мағлыўмат берилди
Өзбекстанда соңғы бес жыл даўамында автомобильлерге орнатылған газ баллонларының жарылыўы менен байланыслы 3 айрықша жағдай жүз берген. Буның ақыбетинде 23 пуқара қайтыс болған ҳәм 20 пуқара аўыр дене жарақатын алған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ инспекциясының жуўаплы хызметкери Жамшид Усманов мәлим етти.

Анализлерге қарағанда, автомобиль баллонларының жарылыўына төмендегилер себеп болмақта:

- сапасыз (металлокомпозит) баллонлардан пайдаланыў;
- баллонларды ислеп шығарыў процесиндеги технологиялық кемшиликлер;
- автомобильлерге баллонларды орнатыў ҳәм сынақтан өткериў жумысларының сапасызлығы;
- автомобильлерге қысылған газ қуйыўда рухсат етилгеннен артықша басымда газ қуйылыўы болып табылады.

Көрсетип өтилген барлық процесслерде инсан факторы қатнасыўы ақыбетинде жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм ҳәзирги жағдайда бул процесслерди турақлы қадағалаў имканиятының болмаўы машқаланы тереңлестирмекте.

Мәлим етилиўинше, 2022-жылға шекем 1 миллион 570 мыңнан аслам автотранспорт қуралларына 2,5 миллионнан аслам метан газ ҳәм 200 мыңнан аслам автотранспорт қуралына суйытылған газ жанармайында ислеўге ийкемлестирилген газ баллонлары орнатылған.

Бүгинги күнде Өзбекстанда исбилерменлик субъектлери тәрепинен қурылған 1200 ден аслам автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшалары ҳәм 800 ден аслам автомобильлерге суйытылған газ қуйыў шақапшалары жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, газ баллонларын ислеп шығарыўшы бирнеше шөлкем хызмет етпекте. Газ баллонларын сынақтан өткериў ўәкиллиги 150 кәрхана ҳәм шөлкемге белгиленген тәртипте рухсатнама тийкарында берилген.

Еслетип өтемиз, өткен жылдың 18-ноябрь күни Қараөзек районы «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақап газ толтырыў ўақтында Шымбай районы турғынының басқарыўындағы «Matiz» маркалы автомашинасының газ баллонында жарылыў жүз берип, ўақыя ақыбетинде 2 адам дене жарақатын алып, емлеўханаға түскен еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко