Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.01.2022 12:14
  • 607

Қазақстандағы ўақыялар ақыбетинде Өзбекстан пуқаралары қолға алынғаны ҳаққында мағлыўмат жоқ – СИМ

Қазақстандағы ўақыялар ақыбетинде Өзбекстан пуқаралары қолға алынғаны ҳаққында мағлыўмат жоқ – СИМ
Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги қоңсылас Қазақстандағы жағдайды турақлы түрде бақлап бармақта. Өзбекстанның Қазақстандағы дипломатиялық ўәкилханалары – Нур-Султандағы Елшиханасы, Алматы ҳәм Ақтаўдағы бас консуллықларында оператив штаблар шөлкемлестирилди, - деп хабар берди министрликтиң рәсмий ўәкили.

Хабарда жазылыўынша, қыйын жағдайда қалған пуқараларға айрықша итибар қаратылмақта. Студентлер менен байланыс орнатылды. Оларға зәрүр жәрдем көрсетиў жумыслары алып барылмақта. Нур-Султан қаласындағы аэропортта рейсин күтип атырған пуқаралар ыссы аўқат пенен тәмийинленди.

«Қазақстан аймағында болып турған Өзбекстан пуқаралары менен олардың ағайин-туўысқанлары ҳәм жақынлары арасында байланыс орнатыўға оператив түрде жәрдем көрсетилмекте.

Алматыдан Өзбекстанға қайтыўды қәлейтуғын пуқаралар дизими дүзилди. Олар «Uzbekistan Airways» компаниясының гезектеги рейслери арқалы Ўатанға қайтарылады. Ҳәзирги ўақытта Алматы аэропорты жабық қалмақта.

Өзбекстанның дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелери Қазақстан ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте орынларда турақлы байланыста болып турыпты. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан пуқараларының қолға алынғаны ҳаққында мағлыўмат жоқ», - деп жазылған рәсмий хабарда.

Хабарда Өзбекстан пуқаралары өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша Өзбекстан Республикасының Нур-Султан (телефон: +7 771 020 36 73), Алматы (телефон: +7 777 950 44 33) ҳәм Ақтаў (телефон: +7 777 599 00 51) қалаларындағы дипломатиялық ўәкилханаларына мүрәжат етиўи мүмкинлиги қосымша етилген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған