Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.01.2022 18:40
  • 642

Гәп инсан тәғдири ҳаққында. Автомобиль жолы астынан қазылып атырған өткел қаншелли қәўипсиз? (+видео)

Гәп инсан тәғдири ҳаққында. Автомобиль жолы астынан қазылып атырған өткел қаншелли қәўипсиз? (+видео)
Республикалық әҳмийетке ийе 4Р-176Б (Дәрбент көшеси) автомобиль жолында суў тармағын өткериў ушын жеке сектордағы кәрханаға Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм басқа бир қатар мәкеме-шөлкемлер тәрепинен тийисли тәртипте ордер берилген еди. Сондай-ақ, кәрхана Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасынан техникалық шәрт (тех условия) алған ҳалда белгиленген тәртипте қазыў жумысларын алып барыўы тийис еди. Еди… Тилекке қарсы, техникалық шәрт алынбаған. Буннан тысқары, ордерде жазылыўы бойынша да қазыў ушын белгиленген ўақыт өтип кеткен. Қазыў сапасыз ҳәм талапқа жуўап бермейди.

Ўақыя орнын үйренгенимизде бирде-бир қәўипсизлик қағыйдалары, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етилмей атырғанының гүўасы болдық. Қазыў жумыслары да оғада қопал ҳәм қәўипли түрде жүргизилмекте. Ҳәрекет жийилиги басым, және тап усы орыннан машиналар жасалма дөңлик бар екенлигине байланыслы тоқтап, салмақ салып өтеди. Жолды қазып, коммуникация тармағы өткерилгеннен соң жол тийкары (основание автомобильной дороги) беккемлигин өз қәлпине келтириў, қапламаны тиклеў мәселелери бир шетте турсын, қазыўшылардың топырақ астында қалып қойыў итималы не болады? Ақыры бул орыннан биз өзимиз де гуўасы болған жүк машиналары да өтип атыр.

Ал, усы тақылетте суў тармағын өткерген менен жол тийкары беккемлиги сақланбайды. Әпиўайы етип айтқанда, трамбовка исленбейди. Нәтийжеде ўақыт өтип, жолдың усы бөлими отыратуғыны аттан анық болып тур. Жолдан қандайда коммуникация тармағы өткерилетуғын болса жол толық ашық түрде қазылыўы керек, тесип өтиў усылы зәрүр орында болса, бир ғана жол менен тармақ өткериледи. Буны видео арқалы көрип алыўымыз мүмкин.

Бул жерде жол екинши мәселе, биринши мәселе болса қатнаў жийи болған жол астында қазыў жумысларын алып барып атырған инсан тәғдири. «Жаман айтпай жақсы жоқ» дегендей топырақ опырылып кетсе кимниңдур шаңарағы әкесиз, кими перзент дағында қалыўы мүмкин.


Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик