Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2022-2023-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап көрсетилген.Соның менен бирге, қарарға муўапық тийисли жуўапкерлерге:
- қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қоймаў жумысларын күшейтиў;
- қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриў;
- қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлап, базарларда сатылыўын қадаған етиў бойынша анық ис-илажлар ислеп шығыў;
- қырғаўылларды қорғаў бойынша ведомостволық қадағалаў ҳәм олардың жасаў шараятын жақсылаў жумысларын алып барыў;
- қырғаўыллардың бас санын анықлаў мақсетинде тийисли уйымлар менен биргеликте жыллық есабын жүргизиў ҳәм биологиялық илим-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў;
- қырғаўыллардың бас саны бойынша ҳәр шерек жуўмағы менен Министрлер Кеңесине мағлыўмат берип барыў сыяқлы ўазыйпалар жүклетилди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz