Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.02.2022 18:10
  • 1179

«Мой каракалпакский народ»: Сағынбай Ибрагимовтың қарақалпақлар тарийхы ҳаққында рус тилиндеги китабы баспадан шықты

«Мой каракалпакский народ»: Сағынбай Ибрагимовтың қарақалпақлар тарийхы ҳаққында рус тилиндеги китабы баспадан шықты
Белгили шайыр ҳәм эссеист Сағынбай Ибрагимовтың «Мой каракалпакский народ» атамасындағы рус тилиндеги китабы баспадан шықты.

Китапта қарақалпақ халқының тарийхы илимий көзқарастан баян етилген болып, халқымыз тарийхына қызығыўшылар усы китаптан өзлериниң көплеген сораўларына жуўап таба алады.


«Қарақалпақлар генофонды, социаллық дәстүрлери, мәдений байлықлары бойынша Ишки Азия аймағында, Шығыс Тянь-Шаннан Үлкен Хинган таўлары дизбегине дейинги аралықта, б. э. ш. II мыңжыллықтың екинши ярымы – б. э. I мыңжыллығының биринши ярымында тарийх сахнасына шыққан түркийтиллес қәўимлердиң мийрасхоры.

Б. э. I мыңжыллығының екинши ярымы – II мыңжыллықтың басы – Орхон дәрьясынан Арқа Кавказға дейинги аралықта түрк мәмлекетлик бирлеспелериниң дүзилген дәўири болды ҳәм ол әййемги түрклер дәўири деп аталады.

Олардан соң ортаәсирлик түрк қәўимлери ҳәм аўқамлары тарийх майданына шықты.

I Түрк қағанаты (551–630-жыллар) дәўиринен баслап оғызлардың ҳәм түрклердиң айырым топарлары Сырдәрья бойына көшип өте баслады. Олардың бул жердеги иран тилин сақлап киятырған ҳәм түрклескен шығысиранлы қәўимлердиң бөлеклерин өзлерине қосып алыўы ҳәм араласыўы басланды. Усы тийкарда печенег ҳәм оғыз қәўимлик аўқамлары пайда болды.

Қарақалпақлар усы аты менен Шығыс Европа аймағында – Днепр дәрьясының орта ағымында, оғыз, печенег ҳәм қыпшақ қәўимлик аўқамларының 11-әсирдиң соңғы онжыллықларынан баслап Киев, Чернигов ҳәм Переяслав князликлери шегараларында қонысласқан бөлеклери тийкарында қәлиплести.

Бул рус князликлериниң аўқамласлары рус жылнамаларында 1146-жылдан баслап черные клобуки деген улыўма ат пенен атала баслайды. Бул атаманың қара қалпақлар деген бул көшпелилердиң өз атамасының рус тилине көширмеси екенлиги анық.

Демек, Орта Днепр бойында, 12-әcирдиң ортасында қарақалпақ этносы туўылды.

Днепр қарақалпақлары өзлериниң урыўлық-қәўимлик системасын сақлап жасаған, оғыз тилинде сөйлеген, тәбият күшлерине сыйынған халқ болған.

Шығыс Европаның бул бөлеги 1242-жылдан соң Моңғол империясы қурамына кирди ҳәм усы әсирдиң ортасы шамасында Днепр бойындағы қарақалпақлар Волга ҳәм Яик дәрьялары аралығына көширилди (Волганың төменги ағымы түрклер тәрепинен Едил–Итил деп аталған, ал түрклердиң Жайық деп атаған дәрьясы дәслеп Яик, ҳәзир Урал аты менен белгили).

Моңғол империясының бул бөлеги Жошы улысы деп аталды ҳәм ол шығыста Жоқары Иртыш ҳәм Балхаш көлинен батыста Днепрдиң қуярлығына дейинги аралықты өз ишине алды.

Днепр қарақалпақларының үлкен бөлегиниң Жайықтың оң тәрепиндеги ҳәзирги Малая Узень ҳәм Большая Узень деп аталатуғын дала дәрьялары районына көширилгенлиги археологиялық материаллар тийкарында анықланды. Бул Киши Өзен ҳәм Үлкен Өзен дәрьялары районы қарақалпақлардың комплексли хожалығы ушын қолайлы мәкан болды.

Едил-Жайық аралығында қарақалпақлар лингвистикалық ҳәм этномәдений трансформацияны басынан кеширди.

Жошы улысының Жайықтың оң таманындағы (дәреклерде аты сақланбаған) бир әскерий-административлик округының қурамында болған қарақалпақлар өз қурамына белгили дәрежеде қыпшақ элементлерин қабыллады ҳәм бул мәмлекетте жеңиске ерискен қыпшақ тилинде сөйлеўге өтти.

Қарақалпақлар Едил-Жайық аралығында да өз урыўлық-қәўимлик системасын ҳәм урыўлық экзогамия нормасын сақлап жасады.

1557–1559-жыллардағы Едил-Жайық аралығында жүз берген экологиялық апатшылық нәтийжесинде қарақалпақлар Жем дәрьясының (русша атамасы – Эмба) бойына көшип өтти.

1570-жыллары қазақ ханы Хақназар (1538–1580) Жем бойындағы қарақалпақлардан ҳәм маңғытлардан 6 мың адамлық отряд дүзип, Уллытаўдағы өз ставкасына алып кетеди. Ҳақназардың аталас иниси Тәўекел-султан басқарған бул отряд қазақ ханы менен әскерий аўқамлас болған Бухара ханы Абдулла II ниң (1583–1598) Екидәрья аралығындағы барлық шыбаныйлар ийеликлерин өз қол астында бирлестириў бойынша жүрислерине қатнасады.

Тәўекел-султан (1586-1599) жылы барлық қазақлардың ханы болып дағазаланғаннан соң, оның зәңгилеслери қарақалпақ батырлары оннан өз елин тәбийий шараяты нашар Жем бойынан анағурлым абзал Сырдәрья бойына көширип алып келиўге рухсат алады.

Усылайынша 1590-жыллардың ортасында қарақалпақлар ҳәм оларға қосылған ноғай қәўимлери Сырдәрьяның төменги ҳәм орта ағымына – Түркистан аймағына көшип келип қонысланады.

1743-1760-жыллары «төменги» қарақалпақлар Сырдәрьяның төменги ағымын қазақларға таслап, Жаңадәрья бойына көшип өтеди. Олардан дәслеп қоңырат топары 1785-жылы Әмиўдәрьяның Дәўқара көллер системасына келип қуйып турған оң саласы Көкөзектиң аяғына көшип өтеди. Усы жерден қоңыратлардың жаўынғыр бөлими Әмиўдәрьяның батыс саласы Үлкендәрьяның бойына ҳәм Үстирт етегиндеги көллер бойына, ал шүллик топарының бир қатар қәўимлери (қыятлар, ашамайлылар, балғалылар, қостамғалылар) Бақырғаннан төменде басланатуғын Таллық саласының бойына қоныс аўдарады.

Буннан соң кенегеслердиң, маңғытлардың, қытайлардың ҳәм қыпшақлардың айырым топарлары Әмиўдәрьяның қуярлығына көшип өтеди.

1811-жылы қарақалпақлардың Жаңадәрья бойында қалған топары Хорезм оазисине жыйналған қәўимлеслерине келип қосылады.

Усының менен «төменги» қарақалпақлардың Хорезм оазисинде – Хорезм мәмлекети территориясында жәмлесиўи жуўмақланады.

Бул дәўирде Хорезм мәмлекетинде Шығыс Дәшти Қыпшақтан келген өзбек-қоңыратлардан шыққан Үмбай-инақ әўладлары династиясы ҳүким сүрди.

«Жоқарғы» қарақалпақлар да 1760-жыллардан соң Екидәрья аралығына көшип қоныслана баслайды. Қарақалпақлардың шымкент-ташкент, ферғана, самарқанд-зәрафшан, мазары-шәриф топарлары тийкарынан «жоқарғы» қарақалпақлардың әўладлары болып табылады. Нураталы қарақалпақлар Сырдәрьяның төменинен көшкен қарақалпақлар топары.

Хорезм оазисинде қарақалпақлар бул жердеги мәдений орталықта оғыз мәдений қатламын қабыллап, ҳәзирги биз билетуғын қарақалпақ халқының мәдений келбети қәлиплести».

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...