
Нурымбетов Аллабай Сатбаевич «Ҳудудий электр тармоқлари» акционерлик жәмийети бақлаў кеңесиниң қарарына муўапық 2022-жыл 1-февральдан баслап «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети бас директоры ўазыйпасын атқарыўшысы етип тайынланды. Бул ҳаққында акционерлик жәмийеттиң баспасөз хызмети хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, усы күнге шекем бас директор болып ислеген Зинатдин Керимзатов «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийетиниң улыўма мәселелер бойынша директоры лаўазымына тайынланған.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz