Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.02.2022 15:18
  • 660

Нөкистен Москваға қосымша авиарейслер жолға қойылады

Нөкистен Москваға қосымша авиарейслер жолға қойылады
«Uzbekistan Airways» 2022-жыл 6-февральдан баслап Москваға Ташкент, Нөкис, Үргениш ҳәм Термиз қалаларынан қосымша авиарейслерди жолға қояды. Бул ҳаққында компанияның баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, Ташкент-Москва-Ташкент жөнелисиндеги авиарейслер ҳәптесине үш мәрте – екшемби, дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери әмелге асырылады.

Нөкис-Москва-Нөкис жөнелисиндеги авиарейслер екшемби, Үргениш-Москва-Үргениш жөнелиси бойынша пийшемби, Термиз-Москва-Термиз жөнелиси бойынша авиарейслер дүйшемби күнлери әмелге асырылады.

Авиабилетлерди авиакомпанияның рәсмий сайтынан, «Uzbekistan Airways Sales» филиалынан ямаса авиакомпанияның агентлеринен сатып алыўға болады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў