Жақында «Билим» баспасынан белгили шайыр ҳәм эссеист Сағынбай Ибрагимовтың «Мәденият ҳәм илим дарғалары менен сәўбетлер» атлы интервьюлер топламы китап болып басылып шықты.Бул топламда автордың республикамыздың белгили мәденият ҳәм илим ғайраткерлери менен интервьюлери жәмленген. Көпшилиги дүньядан өткен халқымыздың даңқлы перзентлери өз өмири ҳәм дәўири туўралы қызықлы гүрриңлер берген.
Бул үлкен интеллектке ҳәм моральлық қәсийетлерге ийе инсанлар менен сәўбетлер жас әўладқа халқымыздың менталитетин, социаллық қәдириятларын жақсы түсиниўге ҳәм қарақалпақ деген атқа ылайық болып жасаўға шақырады.
Топламға автордың филология илимлериниң докторлары Қ.Байниязов, Ж.Хошниязов, Т.Машарипова, филология илимлериниң кандидатлары Г.Есемуратов, Р.Есемуратова, Қарақалпақстан халық жазыўшылары Г.Есемуратова, Ш.Уснатдинов, тарийх илимлериниң докторы Ш.Бабашев, тарийх илимлериниң кандидаты, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қарақалпақстан халық артисткасы Сара Умаровалар менен интервьюлери киргизилген.
Еслетип өтемиз, буннан алдын шайыр ҳәм эссеист Сағынбай Ибрагимовтың «Мой каракалпакский народ» атамасындағы рус тилиндеги, сондай-ақ, «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» атамасындағы этнотарийхый эссеси китап болып баспадан шыққаны ҳаққында хабар берген едик.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz