«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң «Көпирқурылыс» трести» унитар кәрханасының қәнигелери тәрепинен Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан Республикасы менен байланыстыратуғын, Әмиўдәрья үстинен өтетуғын жаңа темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпирин қурыў жумыслары жеделлик пенен даўам еттирилмекте.Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бүгинги күнге шекем жойбарда көрсетилген 80,2 километрлик участкада жоба тийкарында жолшылар тәрепинен улыўма жер жумыслары жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта қурылыс майданына 115 заманагөй техника ҳәм 240 қа шамалас қәниге бириктирилген.
Қәнигелер тәрепинен «Шовот-Гүрлен-Жумыртаў-Қойбақлы» темир жол линиялары аралығында улыўма 4514,20 мың куб метр көтерме топырақ жумысларынан 4059,4 мың куб метр (94 процент) жумыс көлеми әмелге асырылды. Улыўма 80,2 километр темир жол излерин жатқарыў жумыслары 14,2 километрге (16 процент) орынланды. Жасалма суў өткериў объектлери конструкциялары ислеп шығылып, улыўма 233 жасалма суў өткериў объектлеринен 162 синде (69 процент) қурылыс-монтаж жумыслары әмелге асырылды. Темир-бетон көпирлерден биреўи қурып питкерилип, төртеўинде қурылыс-монтаж жумыслары жүргизилмекте.
Мағлыўмат ушын, жойбарға муўапық дәслеп Қараөзек районынан Әмиўдәрья ҳәм Гүрлен районлары арқалы Шовот районына шекемги улыўма узынлығы 80,2 километр болған темир жол линиясын қурыў және усы аралықтағы 3 қорғалатуғын ҳәм 24 қорғалмайтуғын темир жол кесилиспесин қурыў белгиленди. Сондай-ақ, 4 автожол өткергиши, 9 көпир және 25 адамға мөлшерленген бир, 50 адамлық еки темир жол вокзалын қурыў, және бир темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпири және басқа да темир жолға техникалық хызмет көрсетиў имаратлары менен объектлерин қурыў белгиленген.
Тийкарғы қоспа көпирдиң узынлығы 413 метр болып, ени 8 метр, ҳәр бир аралығы 66 метрден ибарат болады. Жойбар бойынша 7 сүтин ҳәм 6 аралық болады. Ҳәзирги ўақытта дәрьяның еки жағасында да қурылыс жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта. Шеп ҳәм оң жағалаўда болажақ объекттиң сүтинлери басқышпа-басқыш орнатылмақта. Итибарлы тәрепи, 7 сүтинниң ҳәр бирине 35 қубыр қағылып, жер бетинен 38 метр тереңликке шекем орнатылған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz