Telegram karinform

Сиясат

  • 13.02.2022 11:20
  • 1020

Түркменстанда гезектен тыс президент сайлаўы болып өтеди

Түркменстанда гезектен тыс президент сайлаўы болып өтеди
Усы жылдың 12-март күни Түркменстанда гезектен тыс президент сайлаўы болып өтеди. Бул ҳаққында Түркменстан Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Безирген Караев мәлим етти.

Түркменстан парламенти жоқарғы палатасының гезектен тыс мәжилисинде президент Гурбангулы Бердимуҳаммедов мәмлекетлик басқарыўда жас басшыларға жол бериў зәрүрлиги ҳаққында атап өткен.

«Мен мәмлекет раўажланыўының жаңа басқышында мәмлекетлик басқарыўда бай руўхый орталықта тәрбияланған ҳәм заман талабына сәйкес жас басшыларға жол бериў кереклиги бойынша пикирди қоллап-қуўатлайман», - деп айтып өткен Бердимуҳаммедов.

Түркменстан ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, сайлаўлар ҳәм референдумларды өткериў бойынша Орайлық сайлаў комиссиясына мәмлекет конституциясы ҳәм нызамшылығынан келип шығып тийисли жумысларды баслаў бойынша тапсырмалар берилген.

«Түркменстан президентиниң тапсырмасына муўапық, мәмлекеттиң Орайлық сайлаў комиссиясы 12-мартта болып өтиўи белгиленген гезектен тыс президент сайлаўына таярлықты баслады», - деп атап өткен Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы «РИА Новости»ға.

Түркменстан президентлигине мәмлекетте туўылған, жасы 40 тан кем болмаған, мәмлекетлик тилди билетуғын, соңғы 15 жылда Түркменстанда турақлы жасаған ҳәм жумыс ислеген пуқара сайланыўы мүмкин. Президент халық тәрепинен 7 жылға сайланады ҳәм ант бергеннен соң усы лаўазымды атқарыўға кириседи. Түркменстанда соңғы президент сайлаўы 2017-жылы болып өткен еди. Нызам бойынша гезектеги президент сайлаўы 2024-жылы болыўы керек еди.

Karinform.uz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы