
15-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестациялық комиссиясының баслығы Ахмед Юсупов жас илимпазлар, докторантлар ҳәм илим пидайылары менен көшпели қабыллаў тийкарында ашық сәўбетлесиў өткерди.
Ушырасыўда бүгинги күни республикамызда, әсиресе, илим тараўында жүз берип атырған соңғы жаңалықлар, соңғы жыллары шыққан нызамлар туўралы мағлыўматлар берилди. Көшпели қабыллаўда 30 ға шамалас илим тараўы қәнигелериниң мәселелери қаралды. Онда тийкарынан Жоқары аттестациялық комиссиясы қурамындағы журналлар, профессор ҳәм доцент атақларын алыў ушын тапсырылатуғын ҳүжжетлер, патент алған илимпазлардың PhD дәрежесин алыў ушын керекли болған ҳүжжетлердиң дизими, сырт еллерде докторлық диссертацияларын жақлаған илим пидайыларының илимий дәрежесин нострификациялаў тәртиби туўралы толық мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, университетимиздиң экономика кафедрасының баслығы Зухра Балташева тәрепинен «Қарақалпақ мәмлекетлик университети Хабаршысы» журналында жәрияланған экономика ҳәм юридика тараўларына байланыслы болған мақалаларды Жоқары аттестациялық комиссиясы журналларының дизимине киргизиў бойынша усыныс билдирилди. Бул усыныслар инабатқа алынып, алдағы ўақытлары исленетуғын режелер қатарына киргизилди.
Илажда илим менен шуғылланып атырған жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары, магистрантлары ҳәм еркин излениўшилер өзлерин қызықтырып жүрген барлық сораўларына толық жуўаплар алды.
Сахибжамал Есемуратова.