Мәмлекетлик комиссия тәрепинен жоқары педагогикалық мағлыўматқа ийе болмаған, мектепте муғаллим сыпатында жумыс алып барып атырған ҳәм «Педагогика» тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырған муғаллимлер ушын жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқыў ушын Өзбекстандағы аймақлар кесиминде улыўма 500 мақсетли орын белгиленген болып, соннан Қарақалпақстан Республикасындағы орта арнаўлы мағлыўматқа ийе муғаллимлер ушын 40 орын ажыратылған еди.ӨзР Халық билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында жоқары оқыў орынларының сыртқы билимлендириў түри бойынша «Педагогика» тәлим бағдарларына имтиханға қатнасқан муғаллимлердиң мағлыўматлары қәлиплестирилген болып, Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлер дизими олардың топлаған баллары және сайлаған тәлим бағдарлары избе-излиги бойынша анықланған.
Мәмлекетлик комиссия тәрепинен Бир неше аймақларда белгиленген соңғы өтиў орнындағы бирдей балл топлаған талабанлардың болыўы нәтийжесинде Өзбекстан бойынша улыўма 537 орын, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ушын улыўма 52 орын болып тастыйықланды.
Студентликке усыныс етилген муғаллимлердиң дизими тийисли жоқары оқыў орынларына орнатылған тәртипте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен жеткерилди.
Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын ҳәм студентликке усыныс етилген орта арнаўлы мағлыўматқа ийе муғаллимлер дизими менен төмендеги силтемедеги файлды жүклеп алыў арқалы толық танысыўыңыз мүмкин болады.
Силтеме: https://uzedu.uz/uploads/2022/02/kkr.pdfДизимдеги атлары келтирилген муғаллимлер көрсетилген жоқары оқыў орынларына мүрәжат етиўи соралады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz