Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.02.2022 18:08
  • 549

Бәҳәр мәўсими кирип келмекте. Ҳәпте даўамында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди

Бәҳәр мәўсими кирип келмекте. Ҳәпте даўамында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди
Бүгин Өзбекстан аймағына Кавказ аймақларынан ығал ҳаўа массасының кирип келиўи менен республика бойлап базы жерлерде жаўын, ал таўлы аймақларда қар жаўады, тек Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы 13-18 градус жыллы дөгерегинде болады, - деп жазды «Өзгидромет».

Хабарда жазылыўынша, 1-март күни республика аймағының көпшилик бөлегинде жаўын жаўыўы даўам етеди, бирақ күшсиз болады. Қарақалпақстанда жаўын-шашын тоқтайды.

2-март күни ығал ҳаўа массасы шығыс тәрепке жылысады, тек Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында түнде ҳәм азанда жаўын жаўыўы күтиледи. Усы күни күндиз ҳаўа алағат бултлы болып, температура 12-17 градус жыллыдан жоқары болмайды.

Ҳәптениң екинши ярымынан Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан оғада жыллы ҳаўа кирип келиўи күтилмекте, буның нәтийжесинде жаўын-шашынларсыз оғада жыллы ҳаўа райы болады. Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытта 18-23 градус жыллыға шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында 25-27 градус жыллыға шекем көтериледи. Бул усы күнлердиң климатлық нормаларынан 10-12 градусқа жоқары болып есапланады.

Оғада жыллы ҳаўаның жедел түрде кирип келиўи 4-март күни самалдың 15-20 м/с қа шекем күшейиўине алып келиўи мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...