Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.03.2022 16:28
  • 647

Қоңыратта бирнеше пуқара атына кредит ашып ярым миллиард сумға шамалас қаржыны өзлестирген бурынғы банк хызметкери анықланды

Қоңыратта бирнеше пуқара атына кредит ашып ярым миллиард сумға шамалас қаржыны өзлестирген бурынғы банк хызметкери анықланды
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қоңырат районлық бөлими тәрепинен АКБ «Қишлоққурилишбанк» Қоңырат филиалының мүрәжатына тийкарланып өткерилген тергеўге шекемги тексериўде филиалдың бурынғы бөлим баслығы А.Н. 33 пуқара ҳәм өзиниң атынан 37 жалған кредит ҳүжжетлерин рәсмийлестирип, улыўма 483,5 миллион сумлық кредит қаржысын өзлестириў жолы арқалы талан-тараж еткени анықланған. Бул ҳаққында департамент баспасөз хызмети хабар берди.

Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 167-статьясы (өзлестириў ямаса растрата жолы арқалы талан-тараж етиў) ҳәм 209-статьясы (жалған лаўазым) менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў