Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.03.2022 16:34
  • 601

Хожелиде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын «Социаллық қалаша» пайдаланыўға тапсырылды

Хожелиде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын «Социаллық қалаша» пайдаланыўға тапсырылды
Соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў бағдарында бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Буның және бир айқын мысалын бүгин Хожели районындағы барлық қолайлы шараятларға ийе болған «Социаллық қалаша»ның пайдаланыўға тапсырылыўында көриўимиз мүмкин, - деп жазды ҚР Жоқарғы Кеңеси мәлимлеме хызмети.
Хожелиде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын «Социаллық қалаша» пайдаланыўға тапсырылды
Қалашаның ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов қатнасып, жыйналғанларды «Социаллық қалаша»ның ашылыўы менен қызғын қутлықлады.
Хожелиде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын «Социаллық қалаша» пайдаланыўға тапсырылды
Пайдаланыўға тапсырылып атырған имаратта өткен қысқа ўақыт ишинде 8 миллиард сумлық реконструкция жумыслары алып барылып, қалашада текстиль оқыў орайы, балалар бақшасы, ыссыхана, китапхана, дәрихана, компьютер орайы, спорт залы, шаштәрезхана, устахана ҳәм басқа да бир қатар хызмет көрсетиў шақапшалары жумыс алып бармақта.

Бул қалашада 124 квартира ийелери ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Хожелиде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын «Социаллық қалаша» пайдаланыўға тапсырылды
Еслетип өтемиз, Президент Ш.Мирзиёев 2017-жыл 20-21-январь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында усы орында жайласқан «Ҳаяллар мүриўбет үйи»нде болып, бул жерде жаратылған шараятларды еле де жақсылаў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берген еди. Елимиз басшысының усыныслары тийкарында «Ҳаяллар мүриўбет үйи» Нөкис қаласына көширилди. Бул мәнзил болса «Социаллық қалаша»ға айландырылды.

Қалашада тийкарынан, майыплығы болған, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар, майыплығы болған жас өспирим перзентин тәрбиялап атырған шаңарақларға турақ жайлар берилген.
Хожелиде жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын «Социаллық қалаша» пайдаланыўға тапсырылды
Бундағы тийкарғы мақсет, шаңарақларға тек ғана турақ жай берип қоймастан, олардың бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады. Сонлықтан, бул жерде ҳәр бир шаңараққа өз алдына ыссыхана ажыратып берилген.

Соның менен бирге, тигиў цехы да болып, шаңарақ ағзаларының сол жерде де жумыс ислеў имканияты жаратылған. Буннан тысқары, кондитер өнимлерин писириў, шаштәрезлик ҳәм тағы басқа да курслар шөлкемлестирилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...