Тез арада Россия ҳәм Өзбекстан арасында транспорт қатнаўы толық тиклениўи күтилмекте. Бул ҳаққында ӨзА «Спутник»ке тийкарланып хабар берди.Мәлим болыўынша, Россия транспорт министрлиги коронавирус бойынша мәмлекетлик оператив штабына «COVID-19» пандемиясы себепли халықаралық жолаўшы тасыўға енгизилген шеклеўди алып таслаў ҳаққында талапнама жиберген.
Бул тез күнлерде жақын сырт мәмлекетлер менен темир жол қатнаўы қайта жолға қойылыўы мүмкин екенлигинен дәрек береди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буннан алдын Россия тәрепинен Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Армения, Әзербайжан ҳәм Иранға коронавирус пандемиясы себепли әмелге енгизилген шеклеўлер бийкар етилген еди.
Рейслер ҳүкиметлер аралық ҳаўа қатнаўы бойынша еки тәреплеме келисим қағыйдалары ҳәм авиация тараўының жуўаплы шөлкемлери арасында дүзилген айрықша шәртнамалар тийкарында әмелге асырылады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz