Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.03.2022 16:28
  • 4500

Қызлар ушын магистратура бийпул – бул жеңиллик барлық магистрант қызлар ушын ба ямаса тек жаңадан қабыл етилетуғын студентлерге ме?

Қызлар ушын магистратура бийпул – бул жеңиллик барлық магистрант қызлар ушын ба ямаса тек жаңадан қабыл етилетуғын студентлерге ме?
«Kun.uz» сайты ҳәзирги ўақытта магистратураның 1-басқышында оқып атырған, келеси жылы 2-басқышқа өтетуғын студентлердиң де магистратура пулы қапланыўы ямаса қапланбаўы ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен мағлыўмат алды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң «Kun.uz»ға мәлим етиўинше, келеси оқыў жылында магистратурада оқып атырған барлық қызлардың контракти мәмлекет тәрепинен қапланады, яғный келеси оқыў жылында 2-басқыш студенти болатуғын ҳаял-қызлардың да оқыўы бийпул болады.

«7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы президент пәрманында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи белгиленген.

Онда 2022-2023-оқыў жылынан төлемли контракт тийкарында 1-басқышқа қабыл етилетуғын, сондай-ақ, усы оқыў жылында 2-басқышқа өткен магистр ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи нәзерде тутылған», - деп мәлим еткен министрлик «Kun.uz»ға берген мағлыўматында.

Еслетип өтемиз, ҳаял-қызлардың магистратурада оқыў қәрежетлерин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен 23 мың қызға 200 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген.

Karinform.uz.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны