Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.03.2022 19:05
  • 2441

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында улыстың уллы күни, шығыс халықларының жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы есапланған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен еки күн – 25-26-март күнлери даўамында «Ассалам, Наўрыз – жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» атамасында байрам сейиллери, сондай-ақ, театрластырылған музыкалы-хореографиялық концерт бағдарламасы болып өтти.

Дәслепки күни институттың студентлер турақ жайы алдында байрамға арналған сүмелек сейили болып өтти. Сейилде үлкен қазанларда Наўрыз тағамы болған сүмелек, сондай-ақ, палаў писирилип, ҳар бир факультеттиң миллий тағамлардан ибарат көргизбелери шөлкемлестирилди.

Байрам сейилине институт жәмәәти ҳәм студентлери менен бирге пайтахтымыздың «Қумбыз аўыл» және «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары да қатнасып, ҳәр қыйлы миллий ҳәм йошлы музыкаларға аяқ-ойынларға түсип, кеўиллерин көтерди.

Бүгин, 26-март күни азанғы ўақыттан баслап институттың спорт майданшасында палўанлар гүреси, арқан тартысыў, қол гүреси, ләңги, бүркит келди, қашарман топ, пәтпелек ушырыў, тас көтериў сыяқлы миллий спорт ойынлары бойынша барлық факультетлердиң студентлери арасында жарыслар шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен институт студентлериниң қол өнери үлгилери, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бойынша көргизбелер, китаплар ярмаркасы болып өтти.

Саат 11:00 де институттың байрамға сай етип безетилген бас имараты алдында «Ассалам, Наўрыз – жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» атамасындағы театрластырылған музыкалы-хореографиялық концерт бағдарламасы басланды.

Илажды институт ректоры Байрамбай Отемуратов ашып берип, жыйналғанларды, барлық байрам сейили қатнасыўшыларын шығыс халықларының жыл басы болған Наўрыз улыўма халықлық байрамы менен қутлықлап, институтта соңғы жылларда илимий-педагогикалық бағдарда қолға киргизилип атырған табысларға айрықша тоқталды.

Концертте институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли, «Сый перде», «Тараннум», «Дугоналар» ҳәм басқа да ансамбльлери, «Туран» театр-студиясы, сондай-ақ, бир топар талантлы студентлер тәрепинен миллий үрп-әдетлер, дәстүрлер, қосықлар, аяқ-ойынлар атқарылып, миллетлер аралық татыўлықты жырлайтуғын қарақалпақша, өзбекше, қазақша, түркменше, русша, италянша қосықлар атқарылды ҳәм жыйналғанларға байрам кейпиятын инәм етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Абатбай Дәнияров қатнасты.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын