Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысына муўапық Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдоған 29-30-март күнлери рәсмий сапар менен елимизге келеди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.Жоқары мәртебели мийман сапар шеңберинде жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Түркия стратегиялық шериклик кеңесиниң екинши жыйналысында қатнасады.
Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилери өткеретуғын сөйлесиўлердиң күн тәртибинен еки тәреплеме дослық және стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.
Тийкарғы итибар саўда, инвестициялар, инновациялар, санаат, логистика, туризм ҳәм экономиканың басқа тармақларында қоспа кооперациялық жойбарларды илгери сүриў, мәдений-гуманитар алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыўға қаратылады.
Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алмасылады.
Саммит жуўмағында Қоспа баянат ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилиўи жобаластырылған.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz