Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.03.2022 15:53
  • 689

Қарақалпақстанда бақланған күшли самал ақыбетинде зыян көрген имаратлар ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстанда бақланған күшли самал ақыбетинде зыян көрген имаратлар ҳаққында мағлыўмат берилди
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы усы жылдың 26-март күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәм районлар аймағында бақланған күшли самал ақыбетинде зыян жеткен имаратлар ҳаққында басқармаға келип түскен мүрәжатлар тийкарында мағлыўмат берди.

Басқарманың ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, капитан Айбек Абдирахмановтың «Karinform.uz» басылымына мәлим етиўинше, Нөкис қаласы ҳәм районлардағы Айрықша жағдайлар бөлимлериниң Оператив басқарыў топарлары тәрепинен басқарманың нәўбетши диспетчерлик хызметине 2022-жылдың 26-март күни саат 12:00 ден 18:00 ге шекем жүз берген күшли самал ақыбетинде:
Қарақалпақстанда бақланған күшли самал ақыбетинде зыян көрген имаратлар ҳаққында мағлыўмат берилди
- Нөкис қаласы бойынша жети;
- Қоңырат районы бойынша еки;
- Шымбай районы бойынша еки;
- Тахтакөпир районы бойынша еки;
- Тақыятас, Кегейли ҳәм Хожели районлары бойынша сәйкес түрде бир жағдайдан имаратлардың төбе бастырмаларына түрли дәрежеде зыян жеткенлиги бойынша мүрәжатлар келип түскен.
Қарақалпақстанда бақланған күшли самал ақыбетинде зыян көрген имаратлар ҳаққында мағлыўмат берилди
Айрықша жағдайлар бөлимлериниң тийисли жуўапкер қәнигелери келип түскен мүрәжатлар тийкарында жағдай жүз берген орынларға оператив түрде жетип барып, жеткерилген зыянларды сапластырыў ҳәм басқа да қутқарыў жумысларын алып барған.

Басқарманың нәўбетши диспетчерлик хызметине келип түскен мүрәжатларды үйренип қарағанымызда, күшли самал ақыбетинде пуқаралардың турақ жайлары, көп қабатлы турақ жайлар менен бир қатарда бир қатар социаллық тараў объектлерине де зыян жеткен.
Қарақалпақстанда бақланған күшли самал ақыбетинде зыян көрген имаратлар ҳаққында мағлыўмат берилди
Атап айтқанда, Нөкис қаласы «Байтерек» МПЖ С.Айний көшесиндеги 30-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының 120 квадрат метрлик, «Сәрбиназ» МПЖ Төрткүл гүзары 41-жайда жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты имаратының 350 квадрат метрлик, Қоңырат районы «Таллық» МПЖ Утегенов көшесиндеги Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумы имаратының 300 квадрат метрлик, Тахтакөпир районы А.Адилов көшесиндеги Балалар спорт майданшасы имаратының 20 квадрат метрлик, «Дәўир» МПЖ Нурлы жол көшесиндеги 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 300 квадрат метрлик төбе бастырмаларына зыян жеткен.

Бизге берилген мағлыўматта көрсетип өтилиўинше, 26-март күни ескен күшли самал ақыбетинде жарақат алғанлар ҳәм медициналық бирлеспелерге мүрәжат еткен пуқаралар анықланбаған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм оның қала, районлардағы бөлимлери тәрепинен 26-март күни күшли самал ақыбетинде айрықша жағдайлардың келип шығыўының алдын алыў бойынша хабарландырыўлар жәрияланып, жүзеге келген жағдайлар бойынша басқарманың оператив штабына мүрәжат етиў мүмкинлиги ҳаққында хабар берилген еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал