Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.03.2022 19:54
  • 707

Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти

Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти

Усы жылдың 28-март сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Фидокорона хизматлари учун» ордени ийеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти. Кеше «Мәҳәлле» телеканалының Шарап Уснатдинов естелигине арнап түсирилген ҳүжжетли фильми менен ашып берилди. Оған Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы баслығы К.Каримов, Өзбекстан халық шайыры Усмон Азим ҳәм басқа да көплеген шайыр-жазыўшылар, мәмлекетлик искерлер, профессор-оқытыўшылар, жазыўшының туўған-туўысқанлары ҳәм нураныйлар менен бирге жаслар да қатнасты.

Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти

Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти

Журналист Қўчқор Норқобул сөзге шығып: «Бир қанаты дөретиўшилик, бир қанаты адамгершилик еди», – деп еследи.
Сөзге шыққанлар марҳум Ш.Уснатдиновтың өмири, дөретиўшилиги туўралы атап өтип, жәмийеттеги, әсиресе әдебият-мәденият майданындағы орны оғада уллы екенлигин атап өтти.

Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти

Перуўза Яқупбаева
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында