Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2022 16:35
  • 731

Хан палўанын жыққан «қара аяқ» Зәреке палўанның баласы Дошым палўан ҳаққында

Хан палўанын жыққан «қара аяқ» Зәреке палўанның баласы Дошым палўан ҳаққында
Шымбайлылар арасында әзелден белгили Дошым палўан Зәреке улы 1893-жылы бурынғы Шымбай болыслығының 4-аўылына қараслы пүткил қарақалпаққа белгили Ережеп тентек жасаған Жәдик аўылында кәмбағал шаңарақта туўылған. Әкеси Зәреке ҳәзирги Қараөзек районына қараслы «Бозатаў» деп аталған жерде жасаған. Ол балалығын усы жерде өткереди. Күн көриси төмен, оның үстине ҳаялы да қайтыс болып әбден қорағытып жүрген пайытта аўылға «Хийўаның ханы қарақалпақлардың арасына келип той береди» деген ғаўасат тарайды. Халқымыздың «Той десе қуў бас жумалайды» дегениндей, аўыл адамлары менен бирге Зәрекениң де арқасы қозып тойханаға жол алады.

Дошым палўанның әкеси ҳаққында әпсана көп. Шылпықтың етегиндеги үлкен бул тойда қурдың ортасында ханның бас палўаны: – «Қәне, гүреске биз бенен түскендей мәрт барма?» – деп, талтаңлап жүрсе керек. Оған ҳеш ким «мен» деп шыға қоймапты. Буған шыдамай тула бойын безгек дирилдеткендей қалтырап турған Зәрекеге жораларының биреўиниң көзи түсипти. Ол Зәрекеге «Саған не болды?» деп сорағанда ол: – «Яқ аўырғаным жоқ, бирақ жаўырыным қызып тур, усы палўанға түссем бе, деп турман», – дейди.

Хабар өз елатының болысына жетипти. Бирақ үстинде шекпен, белинде белбеўиниң жоқлығын айтыпты. Болыс Зәрекени кийиндирип, ортаға шығарыпты.

Зәреке ортаға шығыўын шықса да, жарлылықтан кеўили қайтық болып қалғанлықтан, дәслебинде ханның палўанынан қашыңқырап, дурыслап усласа алмапты. Хан палўан да оған жартыўлы әмел ете алмапты. Кеўили ҳаўлыққанын қойып, өзине келген Зәреке хан палўанына енди ҳәр түрли әмеллер ислей баслапты. Әдеўир ўақыт айқасыпты. Сөйтип жүргенинде қарсыласы қолайына келген ўақытта жанбасқа миндирип арқалаўы менен бастан айналдырып, ылақтырыпты. Жығылған хан палўаны орнынан тура алмаған. Оны кийизге салып алып шығыпты. Ол ўақтағы тәртип бойынша жыққан палўан шекпениниң етегин жайып, қоршаған аламанның алдынан айналып өтиўи керек екен. Сол дәстүр бойынша Зәреке енди қурды айналыўға шығайын деп атырғанда, биреў келип оған: – «Сен ҳәзир қашпасаң, хан сени өлтиреди», – депти. Зәреке үстиндегилерди ылақтырып, өз кийимлерин алып, көпшиликтиң ишине кирип, кейин түнлетип, аўылға ҳайт қойыпты. Ал, ашыўы келген хан: – «Қайда жаңағы хан палўанын жыққан «қара аяқ», табыңлар, алып келиңлер!» – депти. Журт арасына жасырынған Зәреке өлимнен аман қалыпты.

Бирақ өз елинде жасай бериўге қорқып, жетим балаларын ертип, Зәреке палўан Жәдик аўылына келип жан сақлапты.

Оның «қара аяқ» атаныў себеби мынадай болыпты. Ол өмириниң көп ўақтын етиксиз, жалаң аяқ жүрип өткерген, гүрескен ўақта оның усы жалаң аяғын көрген хан оны солай атапты. Соннан баслап Зәреке «қара аяқ» атанып, хан палўанды жыққан белгили палўан атаныпты. Бирақ ол қайтып гүреске түспепти.

Зәреке Жәдик аўылына келгеннен кейин үйленеди. Палзада, Ханзада, Дәўлет деген үш қызы ҳәм Оспан, Дошым атлы уллары туўылады. Қызлар ержетип, турмысқа шығады, балалары үйленеди.

Әкесине усап Дошым да кәмбағаллықта жасайды. Оның Гүлбий ҳәм Ешим атлы перзентлери болған. Ол заманда аўылда кешки ўақытта аўыл жасы үлкенлери жыйналып, жас жигитлерди гүрестирип, тамаша көретуғын болған. Сонда Дошым да гүреске түсип жүреди. Кейин ала аўыл арасындағы тойлардың гүреслерине қатнасатуғын болған.

Оның биринши рет палўан деген аты 1922-жылы Тахтакөпирде болған Қосалы болыстың мерекесинде шығады.

Болыстың мерекесине барлық қарақалпақтың болысларына хабар берилген болып, болатуғын тамашалар да айтылған. Шымбайдың болысы Ибрайым бул мерекеге апаратуғын палўан таба алмапты. Сонда оның дилмашлары Дошымды апарайық депти. Дошым кийим-кеншегиниң жоқлығын бәнелеп: – «Бара алмайман», – депти. Олар кийим-кеншек таўып берип, алып кетипти.

Деген менен, Дошымның түри-түсинен гүреске ериседи, деген үмитте болмапты. Тек ҳақ тәўекел депти.

Ибрайым болыстың Әсен ҳәм Турман деген дилмашлары Дошым палўанға ғамқорлық етип, гүреске шығыўдан алдын өз алдына ишине 12 қырғаўыл салынып, писирилген шәўлени берсе, ол дуз татпапты.

Жүреги ҳәўлирип, бурын бундай қурға түспеген жас жигит азанда да ҳеш нәрсе ишпей-ақ гүрес майданына келеди. Гүрестиң қуры тутылып, ортаға бас палўанлар шақырылады. Биринши болып Тахтакөпирли Исмайыл хожа деген ортаға шығады. Оған қарсы ҳеш ким шықпай турған бир кезде мереке басқарыўшысы Шымбайлы Ибрайым болысқа: – «Ҳә болыс, палўаныңды шығар!» – деп мирәт етеди. Буннан кейин ортаға Дошым палўан шығады. Болыс еки палўанды салыстырып, қатты қәўетерде болыпты. Еки палўан бир майдан айқасып, Дошым аты шыққан хожа Исмайыл палўанды арқалаўы менен мереке басқарыўшының алдына апарып, көтерип урады. Бул жерде жыйналған Дошымның ҳәмме аўылласлары қуўанғанынан жылап жибереди.

Исмайыл хожа жығылғаннан кейин тахтакөпирлилер арланып, өзлериниң белгили палўанларының бири Рейимбек қазақ дегенди ортаға шығарады. Дошым араны көп алмай, оны да жамбастан урып жығады.

Сол мерекеде Дошым бас палўан болып танылады. Аты-абырайы көтерилип, оны алып барған ел ағасы Ибрайым болыс, Әсен ҳәм Турман дилмашлар үлкен қуўаныш пенен елге қайтады.

Буннан соң Дошым палўан бир неше гүреслерде қатнасып палўанларды жыққан. Атақлы Жаңабай палўан менен де гүрес тутысқан.

Екинши жер жүзилик урыстан соң 1946-жылы Дошым палўан 53 жасында Шымбай қаласында өткерилген республиканың арқа районларының палўанларының жарысында қатнасады ҳәм гүрестиң бас палўаны болып ортаға шыққан Матякуб палўан менен гүресип оны жығады. Усыннан соң Дошым палўан ортаға шықпаған.

Дошым палўан ҳеш ўақытта күшин бийорын биреўге жумсап, адамлар менен төбелесип, урыспаған. Жаман сөзи де болмаған, дүнья қуўмаған, буйырғанын шөпшеп, орта ҳалы менен жасап өткен.

Дошым палўан өнип-өскен нәрўан дараққа усайды. Оның шаўлығы Қәдирбай атасының жолын қуўып палўан болған. Улы Ешим Шымбайдағы бурынғы «Гигант» (ҳәзирги «Шымбай» АПЖ) совхозында көк егис бригадири, кәсиби механизатор болған, ол да ата жолын қуўып, гүреске түскен.

Солай етип, хан палўанын жыққан Зәреке палўан «қара аяқ»тың баласы Дошым палўан 40 жылға шамалас гүрескен.

Ол 1979-жылы 86 жасында қайтыс болған.

Халқымыздың уллы перзентлери болған Амангелди, Ерназар Алакөз, Ережеп баба (Ережеп тентек), Жаңабай палўан, Ерназар шойыншы ҳәм Дошым палўанлардай елдиң ар-намысын ардақлап, халық ушын мийнет еткен аталардың өмири, үлгили ислерин үгит-нәсиятлап барыў, бүгинги жас әўладты өз елиниң шын азаматлары етип тәрбиялаў бүгинги күндеги әдиўли ўазыйпамыз екенин ҳеш биримиз умытпаўымыз тийис.

Таярлаған: Барно Хасанова.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды.

Karinform.uz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...