Telegram karinform

Спорт

  • 06.04.2022 20:16
  • 519

Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти

Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти
Бүгин, 6-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт сарайында спорттың миллий гүрес түри бойынша институт ректоры кубогы ушын беллесиўлер болып өтти.

Жарыстың ашылыў салтанатында институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров ҳәм профессор Пердебай Шылмановлар шығып сөйлеп, әййемги қәдириятларымыз, атап айтқанда, мәртлик, батырлық, ўатан сүйиўшилик, гуманизм идеяларын өзинде жәмлеген миллий гүресимизди ғалабаластырыў, раўажландырыў ҳәм дүньяға еле де кеңнен танытыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.
Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти
- Институт студентлери арасында миллий гүрестиң ғалабалығына ерисиў мақсетинде ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестириў, материаллық-техникалық базаны жетилистириў, спорт инвентарьлары ҳәм кийимлери менен тәмийинлеў сыяқлы жумыслар турақлы жолға қойылған болып, олар арасынан маман кадрлар, тренер-оқытыўшыларды таярлаўда жақсы нәтийжелерге ерисилмекте, - дейди институт спорт клубы баслығының орынбасары Атабай Ережепов.

Ер-жигитлер арасында 7 салмақта, ҳаял-қызлар арасында 4 салмақ категориясында өткерилип атырған жарысқа институттың барлық факультетлери менен бирге, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалынан улыўма 150 ге шамалас палўан студент-жаслар қатнасты.
Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти
Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти
Жарыста жеңимпазлар ҳәм сыйлы орынларды ийелеген студентлер институт ректораты, кәсиплик аўқамы комитети ҳәм спорт клубы тәрепинен медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қызғын беллесиўлерге бай өткен жарыс жуўмағында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты улыўма командалық есапта жеңимпаз болып, ректор кубогы жеңимпазы болды. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы командасы сыйлы 2-орын, ал Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты 3-орынды ийеледи.
Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти
Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти
Миллий гүрес бойынша НМПИ ректоры кубогы ушын жарыс болып өтти

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы