Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.04.2022 00:25
  • 1250

Өзбекстанда тереклерди нызамға қайшы түрде кескенлер ҳаққында мағлыўмат бергенлерге қанша пул төлениўи мәлим етилди

Өзбекстанда тереклерди нызамға қайшы түрде кескенлер ҳаққында мағлыўмат бергенлерге қанша пул төлениўи мәлим етилди

Ҳүкимет тәрепинен айырым ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар бергенлерди хошаметлеў тәртиби белгиленди.
«Мәмлекет экологиялық қадағалаўы ҳәм де материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласында қадағалаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Телеграмдагы «Ҳуқықый информация» каналы хабар берди.
Қарарға муўапық, материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласында ҳуқықбузарлық жағдайлары бойынша фотосүўретлер ҳәм (яки) видеожазыўларды жиберген шахслар ҳәр бир тастыйықланған жағдай бойынша ҳуқықбузардан өндирилген пуллар есабынан Базалық есаплаў муғдары (БЕМ)ның 1 есесине тең (270 мың сум) муғдардағы пул сыйлығы менен сыйлықланады.
Қарар менен тастыйықланған нызамға муўарық, пуқаралар ҳуқықбузарлықты видеотехника қураллары арқалы атап көрсетиўи ҳәм де фото ҳәм видеоматериалларды көрип шығыў ушын:
экология, дөгерек-әтирапты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў саласындағы ҳуқықбузарлық бойынша – «Экобақлаў» информация системасы арқалы Мәмлекет экология комитетине;
материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы ҳуқықбузарлик бойынша – «Мәдений мийрас қадағалаўы» информация системасы арқалы Мәдений мийрас агентлигине жибериўи мүмкин.
Материалларда төмендегилер анық сәўлелендирилиўи керек:
• әмелге асырылған ҳуқықбузарлық;
• ҳуқықбузарлық пайда еткен шахс ҳаққындағы мағлыўматлар (егер бар болса);
• мәдений мийрас объектиниң аты (тийисли ҳуқықбузарлық бойынша);
• ҳуқықбузарлық әмелге асырылған мәнзил, сәне ҳәм ўақыт.
Фото ҳәм видеоматериалларға ҳәр қандай формада өзгерислер киргизиў қадаған етиледи.
Информация системаларына келип түскен ҳуқықбузарлық белгиленген фото ҳәм видеоматериаллар жуўапкер хызметкер тәрепинен 15 жумыс күни даўамында көрип шығылып, ҳуқықбузардың шахсын анықлаў мақсетинде Ишки ислер министрлигине жибериледи. Министрлик усыныс етилген материалларды тексерип ҳуқықбузардың шахсын анықлайды ҳәм 10 жумыс күни даўамында тийислилиги бойынша Мәмлекет экология комитети ямаса Мәдений мийрас агентлигине жибереди.

Ҳуқықбузарлық сәўлелендирилген фото ҳәм видеоматериалларды жиберген шахслар:
• тереклер, путалар, басқа өсимликлер ҳәм нәллерди нызамға қайшы түрде кесиў, зиян тийгизиў, жоқ етиў ямаса басқа жерге көширип өткериў бойынша - БЕМ ның 1 есеси (270 мың сум) муғдарында;
• экология, дөгерек-әтирапты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў саласындағы басқа ҳуқықбузарлық бойынша - ҳуқықбузардан өндирилген жәрийма муғдарының 15 проценти муғдарында;
• материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў саласындағы ҳуқықбузарлық бойынша - БЕМ ниң 1 есесе (270 мың сум) муғдарында пул сыйлығы менен сыйлықланады.

Хошаметлеў:
• ҳуқықбузарлық бойынша биринши хабар берген шахсқа салыстырғанда қолланылады;
• ҳуқықбузарлық тийисли органлар тәрепинен тиккелей анықланғаннан кейин келип түскен хабарлар бойынша әмелге асырылмайды.
Ескертип өтемиз, пуқаралар салық ҳуқықбузарлығы ҳаққында ескерткени, надурыс орында тасланды тасланған жағдайлар, лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықлар, жер участкалары бойынша нызам бузыўшылықлар ҳаққында хабар бергенлиги ушын да пул сыйлығын алады. Соның менен бирге, 2020-жыл декабрь айында «Мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын тараўларға жеке секторды қаратыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген еди.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды