Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.04.2022 09:41
  • 753

Қазақстан бүгиннен баслап Өзбекстан ушын шегараларын ашты

Қазақстан бүгиннен баслап Өзбекстан ушын шегараларын ашты
Эпидемиологиялық жағдайдың турақлы екенлигинен келип шығып Қазақстан 11-апрельден баслап Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Россия менен қурғақлықтағы өткериў пунктлеринде мәмлекетлик шегараны кесип өтиўге қойылған шеклеўлерди бийкар етти.

Сондай-ақ, Қазақстанның мәмлекетлик шегарасын ҳаўа арқалы кесип өтиў бойынша да барлық шеклеўлер алып тасланды.

Бунда Қазақстан пуқаралары ҳәм мәмлекет аймағында жасаў ушын рухсатнамаға ийе болған сырт еллилер және өз ара шаншыў паспорты болған сырт ел пуқаралары ушын ПШР усылынан пайдаланған ҳалда COVID-19 тестиниң терис нәтийжеси, сертификат ямаса шаншыўдың толық курсын жуўмақлағаны ҳаққындағы ҳүжжетти (паспортты) мәжбүрий усыныў, COVID-19ға қарсы қайтадан шаншыў талабы сақланып қалады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған