Адамзат тарийхында биринши мәрте космосқа пәрўаз еткен инсанның жулдызы қалайынша сөнди?Юрий Гагарин адамзат тарийхында биринши болып космосқа пәрўаз етти. Еле ҳеш кимге несип етпеген абырой-мәртебе, ҳүрмет-иззетке бөленген қаҳарман өмириниң қалған бөлегин жақсы турмыста жасап өтиўи мүмкин еди. Бирақ, оны аспан өзине шақырып турар, ол болса пәрўазды хош көрер еди.
…1968-жыл 28-мартта дүнья ғалаба хабар қураллары Юрий Гагаринниң шынығыў-сынақ пәрўазы ўақтында биймезгил қайтыс болғанын хабарлады. Усы күннен бир күн алдын 27-март күни Гагарин ҳәм Әскерий ҳаўа күшлери инструкторы, полковник Серёгин МИГ-15 УТИ қырыўшы самолётында оқыў-сынақ шынығыўын орынлаўы керек еди. Пәрўаздан 13 минут өтип, Гагарин Жерге белгиленген шынығыў-сынақлары орынланғаны ҳаққында хабар берип, базаға қайтыўға рухсат сорады. Экипаж басқа байланысқа шықпады. Самолёт апатшылыққа ушыраған еди. Самолёт бөлеклерин излеўши топар Киржача қалашасына жақын жерде аянышлы апатшылықтың гүўасы болды. Гагарин ҳәм Серёгинниң денелери бөлек-бөлек болып кеткен еди.
Апатшылықтың ертеңине ҳүкиметлик арнаўлы комиссия ўақыяны үйренип, төмендегидей жуўмаққа келди: «МИГ-15» апатшылығына атмосфераның жоқары қатламына шығарылған ҳаўа шары – зонд себепши болған. Оған дус келген самолёт соқлығысып кетпеўи ушын кескин бурылған ҳәм басқарыўды жоғалтып, қулап түскен…»
Комиссия жуўмағында ҳаўа шары кимге тийисли, қадаған етилген зонаға ким ушырған, улыўма ҳеш нәрсе айтылмаған еди.
Ғәрезсиз экспертлер комиссиясы ағзалары Арсений Миронов ҳәм космонавт Алексей Леонов, генерал-лейтенант Сергей Белосерповлардың пикири болса басқаша.
2013-жыл. А.Леонов: «Гагарин ушып баратырған аймақта басқа бир «СУ-15» ҳаўа лайнериниң жаңа түри 10 мың метр бийикликте пәрўаз еткен. Бирақ, оның ушыўшысы пәрўаз режимин бузып, 500 метр аралықта ушқан. Гагарин басқарып баратырған самолёт оған 10-15 метр жақынласқан ҳәм оның артында пайда болған айланба ҳаўа ийримине түсип, басқарыўды жоғалтқан ҳәм тумсығы менен төменге қулаған».
А.Миронов: «Гагарин ҳәм Серёгин басқарыўындағы «МИГ-15» ушыўшы Андреевтиң «СУ-15» самолёты менен соқлығысыў қәўпи пайда болғаннан соң оның алдын алыў процесинде апатшылыққа ушыраған».
Генерал Белосерпов та усындай пикирди айтқан. Сораў пайда болады: Оқыў-шынығыў пәрўазлары әмелге асырылып атырғанда бул зонада басқа ҳәр қандай пәрўазлар қадаған етилгенине қарамастан, неге ҳаўа шары, «СУ-15» самолёты ҳаўада болған? Өткен дәўир даўамында алып барылған ҳәр қыйлы тексериўлер жуўмағында бул сораўға елеге шекем жуўап табылмады.
Гагарин ҳәм Серёгин қаҳарманлар сыпатында жоқары ҳүрмет-иззет пенен жерге қойылды. Сталинниң жерлеў мәресиминен соң мәмлекетте бундай жерлеў мәресими өткерилмеген еди. Митингде қайтыс болғанлардың қатарласлары, мәмлекетлик басшылар қаҳарманлардың мәртлиги ҳәм хызметлери халықтың жүрегинде мәңгиге жасайтуғынлығын атап өтти. Қаҳарманлардың топырағы салынған қуты Кремль дийўаллары арасынан орын алды ҳәм атлары, туўылған, қайтыс болған жыл сәнелери жазылған мрамор естелик қақпақ пенен жабылды. Адамзат тарийхында биринши мәрте космосқа пәрўаз еткен инсан жулдызы усылайынша сөнди.
«Тайны СССР» журналының 2016-жыл, 12-санынан.Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz