Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2022 14:16
  • 536

Жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық қандай өзгерислер енгизилиўи күтилмекте?

Жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық қандай өзгерислер енгизилиўи күтилмекте?
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрельдеги 172-санлы қарары тийкарында Жол ҳәрекети қағыйдалары тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, елатлы пунктлерде транспортлардың тезлигин саатына 70 километрден, мектеп ҳәм бақшалар әтирапындағы жолларда 300 метрге шекемги аралықта 30 километрден, турақ жай массивлери ҳәм соған тутас аймақларда (турақ жай имаратлары арасындағы жер участкасында) болса саатына 20 километрден арттырмастан ҳәрекетлениўге русхат етиледи.

Бунда Президенттиң тийисли қарарына муўапық шөлкемлестирилген Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы республикалық комиссия қарары тийкарында Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, сондай-ақ, ўәлаятлардың орайларындағы жол ҳәрекети қатнаўы жоқары болған ҳәм халық көп аймақларда транспорт ҳәрекетлениўиниң жоқары тезлиги саатына 60 километр етип белгилениўи мүмкин.

Жеңил автомобильлерде жүк тасыўға олардың жоқары бөлимине орнатылған жүк бөлмесиндеги жүктиң бийиклиги 1 метрден (арнаўлы үскенелер менен беккемленген ҳалда велосипедлерди тасыў буған кирмейди) ҳәм узынлығы автомобильдиң габаритинен 0,5 метрден өтпеген жағдайда жол қойылады.

Жүк автомобильлери, Жол ҳәрекети қағыйдаларында белгиленген айырым өзгешеликлерден тысқары барлық жағдайларда, жолдың тек ғана оң қатнаў бөлегинен ҳәрекетлениўи шәрт.

Транспорт қуралларының бурылып алыў орынларында ҳәм оған 30 метр жетпестен ямаса өтип тоқтаў қадаған етиледи.

Сутканың қараңғы ўақтында ҳәм жетерли дәрежеде көринбейтуғын шараятта велосипед жолы болмаған жағдайда жолдың қатнаў бөлегинде ҳәрекетленип атырған велосипедшилер нур қайтаратуғын арнаўлы кийимде ямаса нур қайтаратуғын элементлери болған үстки кийимде болыўы шәрт.

Бунда усы нур қайтаратуғын элементлер басқа транспорт басқарыўшыларына көринетуғын болыўы керек.

Сондай-ақ, халық ҳәм транспорт басқарыўшылар арасында 7 жасқа толмаған балаларды арнаўлы балалар орнында, 7 жастан 12 жасқа шекемги балаларды арнаўлы услап туратуғын үскенели қәўипсизлик белбеўин таққан ҳалда тасыў, транспорттың артқы орнындағы жолаўшылар да қәўипсизлик белбеўин тағып алыўы бойынша мәнзилли илажлар әмелге асырылады.

Жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдалары 2022-жыл 1-майдан әмелге енгизиледи.

Усы орында айрықша атап өтиў керек, қәўипсизлик белбеўи менен байланыслы өзгерислер төмендегилерден ибарат, яғный 1-майдан баслап:

- тек ғана транспорт басқарыўшысы емес, оның қасында (алдынғы орында) отырған жолаўшылар да буннан былай автомобиль ҳәрекетленбестен алдын қәўипсизлик белбеўин тағыўы мәжбүрий болады;

- транспорт басқарыўшылары артқа ҳәрекетленип атырғанда да қәўипсизлик белбеўин тағыўы шәрт болады;

- елатлы пунктлерде ҳәрекетленип атырған жөнелисли такси («маршрутка») басқарыўшылары да қәўипсизлик белбеўин тағыўы мәжбүрий болады. 1-майға шекем әмелде болатуғын ҳәзирги қағыйдаларда улар улыўма белбеў тақпаўы мүмкинлиги белгиленген;

- ҳәмиледар ҳаяллар белбеў тақпаўы мүмкинлиги ҳаққындағы қағыйда сақланып қалынады;

- денсаўлығы қәўипсизлик белбеўин тағыўға мүмкиншилик бермейтуғын адамлар болса машинаның алдынғы орнында кетиўи ушын қасында медициналық мағлыўматнамасын алып жүриўи талап етиледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...