Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.04.2022 18:55
  • 936

Нөкисте тири нәрестениң өлимине себепши болған шыпакерлерге суд ҳүкими оқылды

Нөкисте тири нәрестениң өлимине себепши болған шыпакерлерге суд ҳүкими оқылды
Нөкисте шыпакерлер өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетпегени ақыбетинде туўылған нәрестениң шетнеп қалғаны, бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен жынаят иси ашылып, жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен көрип шығылып атырғаны ҳаққында алдын хабар берген едик. Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баспасөз хаткери Азиз Абидов шыпакерлерге суд ҳүкими оқылғанын хабарлады.

Атап өтилиўинше, 18-апрель күни жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының имаратында жынаят ислери бойынша Мойнақ районлық суды тәрепинен төмендеги адамларға байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша суд процеси жуўмақланып, суд ҳүкими жәрияланған:

- Д.Абыллаева (1973-жылы Нөкис қаласында туўылған, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинаталь орайының шыпакери, шаңарақлы, 3 перзенти бар, алдын судланбаған);

- Р.Сайманова (1972-жылы Кегейли районында туўылған, Қарақалпақстан Республикасы балалар көп тармақлы медициналық орайының шыпакери, шаңарақлы, 2 перзенти бар, алдын судланбаған);

- Г.Калимбетова (1988-жылы Нөкис қаласында туўылған, Қарақалпақстан Республикасы патологиялық анотомия бюросының шыпакери, шаңарақлы, 1 перзенти бар, алдын судланбаған).

Суд ҳүкимине муўапық, Д.Абыллаева Жынаят кодексиниң 116-статьясы (Кәсип бойынша өз ўазыйпаларын зәрүр дәрежеде орынламаў) 3-бөлими (25,168-статьясы 1-бөлими ҳәм 28,211-статьясы 1-бөлими (басқа жынаят иси шеңберинде)нде көрсетип өтилген жынаятларды әмелге асырыўда айыплы деп табылып, оған үзил-кесил өтеў ушын 2 жыллық мүддетке нәрестелерге реанимациялық жәрдем бериў жумыслары менен байланыслы лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырған ҳалда, 4 жыллық мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланған.

Р.Сайманова Жынаят кодексиниң 116-статьясы 3-бөлиминде көрсетип өтилген жынаятты әмелге асырыўда айыплы деп табылып, оған үзил-кесил өтеў ушын 2 жыллық мүддетке нәрестелерге реанимациялық жәрдем бериў жумыслары менен байланыслы лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырған ҳалда, 2 жыллық мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланған.

Г.Калимбетованың ис-ҳәрекетлеринде Жынаят кодексиниң 116-статьясы 3-бөлиминде көрсетип өтилген жынаят белгилери болмағаны себепли айыпсыз деп табылып, Жынаят-процессуал кодексиниң 83-статьясы (реабилитация ушын тийкарлар) 2-бәнти тийкарында ақланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт