Дүньядағы ҳәр үшинши ҳаял ҳәм дерлик ҳәр екинши ҳәмледар ҳаял анемияға бейим болып, бул кеселликте қан клеткалары жетерли кислородты жеткерип бере алмайды. Базы жағдайларда анемия туўма есапланады, бирақ бул кеселлик кейинирек Б12 витамини ҳәм темир жетиспеўшилиги фонында раўажланады. «Домашний очаг» басылымы анемияның дәслепки белгилери бар ямаса жоқ екенлигин анықлаўда жәрдем беретуғын белгилер избе-излигин усыныс етти, деп жазады Daryo.uz.
Дем қысылыўы ҳәм бас айланыўы
Темир ҳәм В12 витамини гемоглобин ислеп шығарыў ушын зәрүр болып, бул арнаўлы белоксыз қызыл қан клеткаларын жетерли дәрежеде ислеп шығарыў мүмкин емес. Егер гемоглобин жетерли болмаса, клеткалар туўры муғдарда кислород алмайды – дем алыў системасы ҳәм мийдиң органларында қан системасы бузылады. Сол себепли бас айланып, дем қысылыўы мүмкин.
Шаршаўды сезиў
Анемияның және бир белгиси — турақлы шаршаў сезими. Оған гемоглобинниң жетиспеўшилиги айыплы. Егер әдетдеги шынығыўларды алдынғыдай аңсатлық пенен жеңиў қыйынласқан болса, гемоглобин ҳәм В12 витамини дәрежесин тексериўге арзыйды.
Тери реңиниң өзгериўи
Қызыл қан дәнешелериниң жетиспеўи организмниң ең үлкен органы — тери клеткаларын жетерли муғдарда кислород пенен тәмийинлеўге тосқынлық етеди. Сол себепли, ол қуўарған ҳәм ҳәтте сарғыш көриниўи мүмкин. Тосаттан териниң қуўарыўы мүмкиншилиги барынша тезирек шыпакерге мүражәт етиўдиң және бир себеби болып табылады.
Көкирек қәпесинде аўырыў
Қандағы қызыл қан клеткалары қанша кем болса, жүректиң зорығыўы сонша артады, бул болса көбирек ислеўге себеп болады. Нәтийжеде, жүрек урыўы тезлеседи ҳәм көкирек қәпесинде аўырыўлар пайда болыўы мүмкин. Ҳеш қандай шара көрилмесе, бул тахикардия, жүрек ритми жетиспеўшилиги, жүректиң кеңейиўи ҳәм ҳәтте жүрек жетиспеўшилиги кеселлигиниң раўажланыўына алып келеди.
Аўқатланыў әдетлериниң өзгериўи
Муз, сода, ылай, қәлем ҳәм бояў — бул затлардың барлығы кемқанлық пенен кеселленгенлер ушын жүдә жағымлы болып сезилиўи мүмкин. Шыпакерлер бул затларға мейилликтиң пайда болыў механизмин еле түсиндирип бере алмайды, бирақ олар бир сөз бенен буны анемия менен байланыстырады. Солай етип, егер тосаттан жоқарыда келтирилген затларды жеўди қәлеп атырғанлығыңызды сезип қалсаңыз, гемоглобин ушын тесттен өтиў ўақты келгенлигин билдиреди.
Қол ҳәм аяқлар салқын тартыўы
Темир жетиспеўшилиги ҳәм кемқанлықтың және бир белгиси суўық қол ҳәм аяқлар болып табылады. Бул темир қызыл қан денелерин аяқ-қолларына жеткизиўге жәрдем береди ҳәм қызыл қан денелери ыссылық өткериўшилериниң бир тури болып табылады. Соның ушын организмде темир жетиспесе, қол ҳәм аяқларымыз суўыйды.
Бас аўырыўы
Ҳәмме де ўақты-ўақты менен бас аўрыўына дус келеди — стресс, уйқысызлық, аязлаў ҳәм басқа себеплерге көре. Бирақ, соңғы ўақытларда тез-тез бас аўырыўы байқалса ҳәм узақ даўам етсе, шыпакер менен мәслаҳәтлесип, гемоглобин ушын тексериўден өтиў керек.
Аўдармалаған: Шаҳноза-Бану Абдуллаева