Telegram karinform

Мәденият

  • 27.04.2022 11:00
  • 732

Қарақалпақстанлы художниктиң «Реңлер драматургиясы» атлы жеке көргизбесиниң ашылыўы болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Әдебий дөретиўшилер аўқамы ағзасы, жас талантлы художник Тимур Сулайманов дөретиўшилигине арналған «Реңлер драматургиясы» атлы жеке көргизбесиниң ашылыўы болып өтти, деп жазады UzA.

Көргизбеде художниктиң пейзаж, портрет, графика жанрларында исленген 50 ден аслам реңли суўретлери орын алған.

Тимур Сулайманов Өзбекстан Көркем өнер академиясы тәрепинен өткерилетуғын бир қанша көргизбелерде табыслы қатнасып келмекте. Дөретиўши Қарақалпақстан заманагөй көркем өнер тараўындағы талантлы реалист суўретшилерден бири есапланады.

Көргизбеде суўретшиниң «Аўылдағы үйим», «Регистан», «Шахызинда», «Гүздеги көринис», «Бөрши таў» атлы этюдлары, сондай-ақ, шайыр Тилеўберген Жумамуратов, академик Сәрсенбай Байбосынов образларына исленген графика ҳәм портрет жанрларындағы бир қанша дөретиўшилик мийнетлери тамашагөйлер итибарына усынылды.

 

Сүўретлер автордың Facebook тармағынан алынды

Аўдармалаған: Меҳрийбану Дәўлетмуратова

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған