Telegram karinform

  • 27.04.2022 22:00
  • 526

Мектеплерде жол ҳәрекети қағыйдалары менен байланыслы аға инспектор лаўазымы енгизилди

Усы жылдың 26-апрель сәнесинде «Билимлендириў мәкемелеринде жол ҳәрекети қағыйдаларын үгит-нәсиятлаўды арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хизметиниң аймақлық басқармаларында мектеплер менен шерикликте хызмет ететуғын үлкен инспектор лаўазымы енгизилди (улыўмалық штатлар шеңберинде).

Қарарға көре, мектеплерде волонтёр жаслар қатнасыўында жол ҳәрекети қағыйдаларын белсене үгит-нәсиятшы «Жол ҳәрекети қағыйдаларының жас үгит-нәсиятшысы» клубы ҳәм «Жасыл шырақ» таңлаўлары шөлкемлестириледи.

2022 жыл 1 сентябрьден «Жол ҳәрекети тәртиби балалықтан басланады» ураны астында бақша тәрбияланыўшылары ҳәм оқыўшыларға жолларда, көше кесилиспелеринде сондай-ақ, пиядалар өтиў орынларында ҳәрекетлениў тийкарларын әмелий-көргезбели үйретиў жолға қойылады.

Қарарға муўапық, «Жол ҳәрекети қағыйдалары жас үгит-нәсиятшысы» клубын шөлкемлестириў ҳәм «Жасыл шырақ» таңлаўын өткериў қағыйдалары тастыйықланды.

Клубқа 9-11-класс оқыўшылары ағза болыўы мүмкин.

 

 «Жасыл шырақ» таңлаўының жеңимпазлары диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят