Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.04.2022 16:00
  • 570

Ораза ҳайыты мүнәсибети менен 65 пуқараға кеширим берилди

Алжасып жынаятқа қол урған, бирақ айыбын терең аңлап, дүзелиў жолына өткен 65 пуқараны Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен кеширим бериў бойынша Президент пәрманына қол қойылды.

Кеширим берилген пуқаралардың 2еўи тийкарғы жазадан толық азат етилди, 39ы жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли түрде еркинликке шықты, 6 пуқара еркинен айырыў жазасынан жеңиллеў жаза менен алмастырылды. Соның менен бирге, 18 пуқараға берилген еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартырылды. Кеширим берилгендиң 1еўи сырт ел пуқарасы, 3еўи ҳаял, 3еўи 60 жастан асқан пуқаралар ҳәм 3еўи қадаған етилген шөлкем искерлигинде қатнасқан шахсларды қурайды.

 

Меҳрийбану Дәўлетмуратова

Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт