Белгили баспасөз ўәкили, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Еркин Қарақалпақстан» (бурынғы «Совет Қарақалпақстаны») фотохабаршысы Ражапбай Саидовтың (1919-1993 жж.) өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы мағлыўматларды жәриялады.
Ражапбай Саидов 1919-жылдың бәҳәринде Төрткүл қаласындағы сүўретшиликти кәсип еткен семьяда туўылды. Балалық дәўиринен-ақ оның сүўретке болған қызығыўшылығы жоқары болды.
Москвадағы (Россия) Луначарский атындағы театр искусствосы институтында билим алды. Институтты тамамлағаннан соң Қарақалпақстаннан барған дәслепки искусство қарлығашлары менен бирге актёрлық дипломын алып қайтқан жас қәнигениң өмири бирден сүўретшиликке арналады ҳәм бул өз алдына бир умытылмас тарийхқа айланады.
Ражапбай Саидов өзиниң қырық жылдан асламырақ өмир жолы даўамында «Еркин Қарақалпақстан» (бурынғы «Совет Қарақалпақстаны») газетасының фотохабаршысы ретинде жумыс иследи. Республикамыздағы гүллән жаңалықлар ҳәм болып атырған ҳәр қыйлы қуўанышлы ўақыяларды фотосүўретлерде сәўлелендирди. Сүўретке түсириўде объектти таңлап билиўин ҳәм принципиаллылығын ашып көрсететуғын көплеген сыпатларға ийе болды. Ол өз қаҳарманларын күтпеген жерден, ҳәрекет яки қуўаныш, толқыў үстинде, тек ўақыттың бир еки секундлиқ бөлеги ишинде сүўретке алыўдың шебери болды.
Усындай тынымсыз өз үстинде ислеўи, жемисли мийнетлериниң нәтийжесинде «Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист» атағына ийе болды.
Ражапбай Саидов өз дәўиринде республика халық хожалығының өсип, раўажланыў жоллары менен тығыз байланысқан ҳәм сийрек ушырасатуғын бай фотоматериаллар архивин өзинде пуқта сақлап келген белгили фотожурналист болып танылды. Бул фотожурналисттиң белгили бир дәўирдиң шежиресин жазыўға қосқан үлкен үлеси болып табылады.
Ражапбай Саидов Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы ҳәм мийнет ветераны болған сап ҳужданлы, жоқары маманлықтағы сүўретке түсириўдиң шебери болып тарийх бетлеринде аты қалды.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви, газета ҳәм журналлар фонды материлларынан (Р.Саидовтың фотосуўрети газетадан көширип алынды).