Рамазан ҳайыты мүнасибети менен 5-май сәнесине шекем избе-из дем алыс күнлери деп белгиленди. Соннан келип шыққан ҳалда, байрам ҳәм қосымша дем алыс күнлеринде мәмлекетимиздеги медициналық мәкемелери искерлигин муўапықластырыў мақсетинде Ден саўлықты сақлаў министрлигинде штаб дүзилди. Байрам ҳәм қосымша дем алыс күнлеринде төмендеги емлеў-профилактика мәкемелеринде 40мың медицина системасы хызметкери нызамда белгиленген тәртипте, нәўбетшилик тийкарында халыққа хызмет көрсетеди:
- 1010 шаңараққа тийисли поликлиника;
- 858 шаңараққа тийисли шыпакер пункти;
- район, ўәлаят ҳәм республика көлеминдеги барлық емлеўханалар;
- қәнигелестирилген медицина орайлары;
- медициналық жоқары оқыў орынлары клиникалары.
Соның менен бирге:
Республика тез медициналық жәрдем илимий орайы, оның аймақлардағы 13 филиалы хәм 180 халық пунклеринде жайласқан субфилиаллар 24 саат даўамында нәўбетши шыпакер хәм мийирбекелер жумыс ислейди. Бул мәкемелер зәрүрли дәри-дәрмақлар менен тәмийнленип, резерв орынлары шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз бойынша 2700 ге жақын қыстаўлы медициналық жәрдем бригадасы мудамы таяр турады. Буннан тысқары, 218 туўыў, 238 балалар емлеў мәкемелери де үзликсиз жумыс ислейди.
Санитария – эпидемиолология хызметиниң орайлық аппараты ҳәм аймақлардағы 14 басқарма, 203 халық пунктинде жайласқан бөлимлериде 24 саат даўамында өз искерлигин даўам еттиреди.
Мехрибану Даўлетмуратова