Telegram karinform

Мақала

  • 10.05.2022 12:00
  • 2344

Жақын ағайинлердиң бирге ислеўи мүмкин болған тараўлары қайсылар?

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 79-статьясында өз-ара жақын болған ағайинлердиң (ата-аналар, ағалы-инилер, апалы-сиңлилер, ул ҳәм қызлар, ерли-зайыплар, сондай-ақ, ерли-зайыплардың ата-аналары, аға-инилери, апа-сиңлилери ҳәм басқалар) олардан бириниң екиншисине туўрыдан-туўры бойсынып ямаса қол астында ислейтуғын болса, бир мәмлекетлик шөлкемде ислеўи қадаған етиледи.

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң жоқарыда келтирилген 79-статьясында нәзерде тутылған жағдайда жақын ағайинлердиң бирге ислеўи мүмкин болған хызметкерлердиң дизими менен төменде танысыўыңыз мүмкин:

  1. Сырт елдеги дипломатиялық байланыслар хызметкерлери;
  2. Мәмлекетлик аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм шөлкемлери, сондай-ақ, аўыллық жерлердеги аўыл хожалығы бойынша илимий-изертлеў шөлкемлеринде ислеўши аўыл хожалығы қәнигелери;
  3. Темир жол транспортының линия кәрханалары хызметкерлери, сондай-ақ, «Өзбекстан темир жоллары» мәмлекетлик-акционерлик компаниясының жол, қурылыс-монтаж ҳәм темир жолларының қәнигелестирилген трестлериниң қурылыс-монтаж ҳәм көпир қурылысы поездлери, механизацияласқан колонналары ҳәм басқа ҳәрекетлениўши структураларының хызметкерлери, бул кәрхана ҳәм шөлкемлердиң бас бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары;
  4. Байланыс кәрханалары ҳәм шөлкемлери хызметкерлери;
  5. Ден саўлықты сақлаў емлеў-профилактика ҳәм санитария-профилактика шөлкемлериниң шыпакерлери;
  6. Барлық оқыў ҳәм тәрбия шөлкемлериндеги педагог хызметкелер, оқытыўшылар, библиографлар ҳәм китапханашылар;
  7. Театрлар, көркем-өнер топарлары ҳәм студияларының артистлери, художниклер ҳәм музыкантлары;
  8. Архив хызметкерлери, бул мәкемениң бас бухгалтерлери, бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары, илимий мәкемелер хызметкерлери, сондай-ақ, сейсмикалық станциялар хызметкерлери;
  9. Гидрометеорология бас басқармасы тармақлық шөлкемлериниң хызметкерлери;
  10. Дала геология экспедициялары, партиялары, отрядлары ҳәм участкалары хызметкерлери;
  11. Аўыллық жерлерде ислейтуғын тоғай ҳәм суў хожалығы қәнигелери, халық билимлендириў хызметкерлери, медицина хызметкерлери, руўхый-ағартыўшылық шөлкемлер хызметкерлери;
  12. Улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жолларынан пайдаланыўды әмелге асырыўшы жол шөлкемлериниң хызметкерлери, бул шөлкемлердиң бас бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары;
  13. Қурылыс-монтаж ҳәм көпир қурылысы поездлери, механизацияласқан колонналар ҳәм басқа көшпели арнаўлы қурылыс структураларының хызметкерлери, бул шөлкемлердиң бас бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары;
  14. Дәрья флоты кемелериниң жүзиўши қурамы хызметкерлери ҳәм дәрья транспортынан пайдаланыў кәрханалары ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлери, бул шөлкемлердиң бас бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары;
  15. Магистраль трубопроводлар қурылысы, сондай-ақ, нефть ҳәм газ кәнлерин тәртипке салыўшы қурылыс, қурылыс-монтаж ҳәм басқа қәнигелестирилген басқарма ҳәм участкаларының хызметкерлери, шөлкемлердиң бас бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары;
  16. Бассейн ҳәм көллердеги балықшылық хожалықлары, балықшылық заводлары, балықларға уўылдырық шашыў ҳәм оларды өсириў хожалықлары ҳәм балықларды азықландыратуғын орынлардың хызметкерлери, бул шөлкемлердиң бас бухгалтерлери ҳәм кассирлеринен тысқары.

Сахибжамал Есемуратова

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл