2022-жылдың январь-март айларында республикада жәми 1 864,1 мың тонна сүт жетистирилген, деп хабар берди Өзбекстан Статистика комитети.
Өзбекстанның сүт ең кем жетистирилген аймақлары қатарында Қарақалпақстан Республикасы 51,9 мың тонна менен ең соңғы орынды ийелеген. Самарқанд ўәлаяты 276,0 мың тонна, Ферғана 211,4 мың тонна, Хорезм 210,8 мың тонна менен дизимниң алдыңғы қатарларынан орын алған. Сырдәрья 54,0 мың тонна, Наўайы 82,4 мың тонна менен төменги орынларды ийелеген.