Telegram karinform

Фоторепортаж

  • 15.05.2022 21:00
  • 909

Бозатаўда республикалық «Жаслар ҳаўазы» фестивалы болып өтти (фоторепортаж)

Бүгин, 15-май күни республикалық «Жаслар ҳаўазы» фестивалының жуўмақлаўшы басқышы Бозатаў районында болып өтти.

 

Райондағы Жаслар орайы алдында улыўма билим бериў мәкемелери менен бирге, жоқары оқыў орынларының көргизбелери, район жаслары қатнасыўында интеллектуал ойынлар, шеберлик сабақлары ҳәм басқа да мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилди.

 

- Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен райондағы мектеп оқыўшылары ушын интеллектуал жарыс өткерилди. Жарыс жуўмағында жеңимпаз болған командаларды сыйлықлаў менен бирге институт есабынан Нөкис қаласына саяхат етиўин шөлкемлестириў бойынша келисип алдық. Соның менен бирге, ҳәр бир факультет өзлериниң қәнигеликлери бойынша көргизбелер, шеберлик сабақлары, шет тиллери, мәлимлеме технологиялары бойынша семинарлар, психологиялық тренинглер, китапқумарлық илажларын өткердик. Жаслар орайы алдында институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы район халқы ҳәм мийманлары кеўлинде көтериңкилик пайда етти,-дейди институт ректоры Байрамбай Отемуратов.

 

Бердақ бағында республикамыздың ҳәр бир районы ушын қараүйлер тигилип, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламалары, аўыл хожалығы ҳәм қол мийнети өнимлериниң көргизбелери шөлкемлестирилди.

 

Фестиваль шеңберинде миллий тағамлар таңлаўы да өткерилип, төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен баҳаланды.

 

Сондай-ақ, усы бағда орнатылған қарақалпақ әдебиятының классик ўәкили Бердақ Ғарғабай улының бюстине гүллер қойылып, ҳүрмет көрсетилди.

 

Республикалық «Жаслар ҳаўазы» фестивалы сыйлықлаў салтанаты ҳәм гала-концерти менен жуўмақланады.

 

Төменде сиз усы фестиваль шеңберинде өткерилген илажлардан журналист Ислам Матеков тәрепинен таярланған фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Автордың түсирген фотолары.

 

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында