Усы жылдың 11-13-декабрь күнлери Бухара қаласында спорттың миллий гүрес ҳәм дзюдо түрлери бойынша өткерилген «Талаба-2017» спорт беллесиўлерине университетимиздиң дене мәденияты факультетинде оқып атырған студент ҳәм магистрантлардан дүзилген жәми 14 спортшы қатнасты. Жарысқа Өзбекистанның барлық ўәлаятларынан спортшылар қатнасты. Беллесиўлер жуўмағына муўапық, университетимиз командасынан төмендегилер жеңимпаз болды.
Дзюдо бойынша:- Нурсулыў Бердахова, 48 кг, 1-орын;
- Еркин Дәнияров, +100 кг, 1-орын;
- Клара Дәрменбаева, 70 кг, 2-орын;
- Айсулыў Бердимуратова, 63 кг, 3-орын.
Миллий гүрес бойынша:- Еркин Дәнияров, +100 кг, 1-орын;
- Султанияз Қаниязов, 66 кг, 3-орын;
- Абизатдин Алхамов, 73 кг, 3-орын.
Спортшыларымызды жарысқа тәжирийбели тренер-оқытыўшылардан Байрамбай Еримбетов ҳәм Қонысбай Жуманиязовлар таярлады.
Ислам МАТЕКОВ.