Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.05.2022 12:00
  • 724

Транспорт басқарыў гүўалығын нызамға қайшы жол менен алып бармекши болған автомектеп хызметкери усланды

 

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Беруний районлық бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илажда «Б.А.» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң үйретиўши устасы Н.Н. пуқара З.Н.ге ҳәм оның 3 танысына автомобиль басқарыў бойынша оқыў процесслерине улыўма қатнаспастан, имтиханлардан таныслары арқалы өткерип, транспорт басқарыў гүўалығын алып бериў есесине 800 АҚШ доллары ҳәм 16 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

 

Бул ҳаққында департаменттиң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы (пара бериў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған