Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.05.2022 17:00
  • 670

Нөкисте жас қыз өз жанына қастыянлық етпекши болды. Прокуратура жағдай бойынша тексериў жумысларын алып бармақта

 

Усы жылдың 16-май күни саат 06:30 ларда 2000-жылы туўылған пуқара Ж.Ш. (қыз бала) танысы менен өз ара жәнжеллесип қалғанлығы себепли ашыў үстинде Нөкис қаласы аймағынан ағып өтетуғын «Дослық» («Қызкеткен») каналына өзин таслап, өз жанына қастыянлық етпекши болған ўақытта Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкерлери тәрепинен ўақыя орнында қутқарып қалынған.

 

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта. Пуқараның өз жанына қастыянлық етиў себеплери үйренилмекте.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

    Бас айланыўы Бас айланыўы ҳәм кеўил айныўы спиртли ишимликлер, қант муғдарының пәсейиўи ҳәм суўсызланыў тәсиринде