Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.05.2022 13:00
  • 760

Нөкисте ярым гектар жер майданын 47 мың долларға сатпақшы болған алдаўшы пуқаралар усланды

 

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жер майданларының талан-тараж етилиўи менен байланыслы жынаятларды анықлаў бойынша бирнеше жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Бас прокуратура мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жоқарыда атап өтилген уйымлар тәрепинен өткерилген оператив илажда пуқаралар Р.Д. ҳәм А.А.лар алдын ала жынайы тил бириктирип, арза бериўши А.Н.ниң исенимине кирип, Нөкис қаласы «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 0,50 гектар жер майданына ийелик етиў ҳуқықы болмаса да, сондай-ақ, усы жер майданын Нөкис қалалық ҳәкимлигинде жоқары лаўазымда ислейтуғын таныслары арқалы рәсмийлестирип бериўин ўәде етип, оның исенимине кирип, келисилген 47 000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

 

Усы жағдай бойынша еки пуқараға жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...