Бүгин, 27-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, конституциялық реформаларды әмелге асырыў менен байланыслы жумыслардың мазмуны ҳәм әҳмийетине бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти.
Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары – Мухтар Ибрагимов, Руслан Жумамуратов, Бахытбай Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарапат Өтемисов, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм белсенди студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Хабарыңыз бар, усы жылдың 20-май күни Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы Кеңеслериниң қоспа мәжилисинде Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў және шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша Конституциялық комиссия шөлкемлестирилген еди.
Илажда сөзге шыққан депутатлар тәрепинен конституциялық реформаны өткериўдиң әҳмийети, Конституциялық комиссияның жумысларын шөлкемлестириў мәселелери менен байланыслы үгит-нәсият ҳәм түсиник жумыслары алып барылып, қатнасыўшылардың сораўларына жуўаплар берилди ҳәм пикир алысыўлар болып өтти.
Атап өтилгениндей, елимизде барлық тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жәмийетимиздиң жедел түрде раўажланыўы Бас нызамымыздың бүгингидей реал ўақыяларға, демократиялық жаңаланыўлар процесине сәйкес болыўын тәмийинлеўди, раўажланыў стратегиясына беккем ҳуқықый тийкар жаратыўды әҳмийетли ўазыйпаға айландырмақта. Сонлықтан, елимизде усы әҳмийетли конституциялық реформалар процеси басланбақта.
Конституциялық өзгерислерди «Инсан қәдири ушын», «Жаңа Өзбекстан – социаллық мәмлекет» принципи тийкарында халкымыздың абадан турмысының буннан былай да жетилисиўине, елимиздиң экономикалық тармақларын трансформациялаў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў, инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерин сөзсиз тәмийинлеўге бағдарланған реформаларды қатаң түрде даўам еттириў ушын беккем тийкар болыўы, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанды қурыў менен бирге конституциялық реформалардың әмелге асырылыўы жәмийеттиң раўажланыўына, халқымыздың абадан турмысын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етиўи түсиндирилди.
Соның менен бирге, Конституциялық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары, усынысларды көрип шығыў принциплери ҳаққында да жыйналғанларға мағлыўматлар берилди.
Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.