Бир тапқаны екиншисине жетпей отырған шаңарақлардың ағзалары сырт еллерге жумыс ислеўге кетип, «пай»ын алалмай жүргенлигин көп еситкенбиз. Бирақ, бүгин биз сөз етпекши болған жигит қурғын шанарақтың ерке баласы. Ҳайран болмаң, бул бизиң елимизде, әтирапымызда болған ўақыя. Оны оқып қандай жуўмақ шығарыў өзиңизге пайлы…
Ахмет Қарақалпақстан Республикасының районларынан биринде жасайды. Әкеси райондағы ең алдынғы фермерлерден бири. Ахметти жоралары Россия Федерациясына жумысқа барыўды, ол жерде ҳеш қандай жумыс ислеместен айына 500 доллар пул таўасаң деген үгит-нәсиятлар менен алып кетпекши болады. Бул хабарды еситкен Ахметтиң әкеси еле жигирмаға да толмаған баласын сырт елге жумысқа жибере алмайтуғынлығын, оның орнына елимизде колледж питкериўшилерине берилип атырған жеңиллетилген кредитлерден алып, бизнес баслаўын мәсләҳәт етеди. Ахмет әкесин көндире алмайтуғынлығын билгеннен соң анасына айтады. Ол да разы болмайды. Бирақ, Ахмет әкеси жумысқа кетиўинен пайдаланып, анасынан жасырынып, үйинен паспортын алып, жораларынан жол кирейге жеткендей қарыз алып, тап темирден түйин түйип таслайтуғындай исеним менен үйинен шығып кетеди. Поездға минеди ҳәм анасына қоңыраў етип:
- Мама, мен Россия Федерациясына кетип баратырман. Қәўетерленбең. Жорамнан қарыз алдым. Өзим төлеймен!
Дуук-дуук-дуук. Соң телефоннан усындай сеслер келеди. Анасы жанын қоярға жер таппай, баласынан қәўетерленеди.
Россия Федерациясына жетип барғаннан соң, ол жердеги қолайсыз шараятларды көрип Ахмет ҳайран болады. Соған қарамастан, 2 ай даўамында аўыл хожалық жумысларында ислейди. Қарны тойып аўқат жемей, еплеп жүрек жалғап жүреди. Ол ҳәзирде Россияда жасаўшы, бирақ алдын Өзбекистанда жасаған кореец миллети ўәкили Пактың қол астында жумыс ислейди, хорлық көреди.
Бир күнлери Ахмет баслығынан өзиниң паспортын сорағанда, оны қайтарып бермейди. Соң өзи менен бирге ислеп жүрген жерлеслеринен жәрдем сорап зордан паспортын қайтарып алады. Соң жолға билет алып, Қазақстанның шегарасына келген ўақытта, оны шегарадағылар иркеди. Себеби, Ахметтиң паспортының ортасындағы шахсын тастыйықлаўшы 2 бети жулынып тасланған. Буны Пак алып қалғаны анық. Соң Ахмет Қазақстан шегарасында 15 күн шамасында услап турылады. Ол жерде де көп кыйыншылықларды басынан өткереди. Сол жердиң турғынлары да ийттен бир сүйек қарыз болғанлығы себепли Ахметти өзиниң жерлеслери туратуғын автостоянкаға барып, садақа сораўға мәжбүрлейди. Оның тапқан пулына сол пуқаралардың өзлери аўқатланып, үйлерине қайтады екен. Ахмет көрпеге қарап аяқ созбағанына ишлей қатты өкинеди. Ол бул жерде үстинде желең кийим ҳәм аяғында крассовка менен жүрген. 15 күн даўамында аяқ кийимин шешпегенликтен аяқлары ширип кетиўине сәл қалған. Соң ол илажын таўып әкесине қоңыраў етип, жағдайларын түсиндиреди. Буннан хабар тапқан әкеси аяғын қолына алып баласына жеткенше асығады. Ол шегарадан өтип, баласын ҳүжжетлерсиз шегарадан алып өте алмағанлықтан және Россия Федерациясына шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди дурыслап келиўи ушын жиберип, өзи Қарақалпақстанға келеди. Бул жерге келип тийисли шөлкемлерге хабарласып, баласының қайтыўына жәрдем бериўин сорайды. Бул шөлкемлер ол бала менен байланысып, не ислеў кереклигин түсиндиреди.
Ахмет Россияға барады. Ол жерде паспорты жоғалғанларға берилетуғын шегарадан өтиў ушын берилетуғын арнаўлы гүўалықты алыў ушын бир-еки күн сол жерде қалыўына туўры келеди. Ахмет тил билмейди, оның үстине дым саўатсыз. Шегарадан оны ирккенде, не мақсетте жүргенин түсиндирип бере алмайды. Сонлықтан, оған қоңыраў етип байланысқан шөлкем ўәкиллери оның қолына «Бул бала тил билмейди. Саўаты жоқ. Егер сораўларыңыз болса, мына номерлерге қоңыраў етиўиңиз мүмкин» деп қағазға жазып берип қояды. Бир-еки күнниң ишинде Ахметти және тексерип, иркеди. Ол болса ҳәттеки, қолында жазылған қағазды көрсетиўди қыялына да келтирмейди. Әйтеўир өлдим азарда елимизге қайта оралады.
Мақала қаҳарманларының атлары өзгертилген. Мақала «Исеним» мәлимлеме-ағартыўшылық ресурс орайының материаллары тийкарында таярланды.
Турмыста көбирек қысқа жип гүрмеўге келмейтуғынлығынан күйип жүргенлер сырт еллерге жумыс ислеўге кетеди, деп ойлайтуғын едик, бирақ, жегени алдында, жемегени артында, астына минген темир тулпары барлар да сырт еллерге шығып, адам саўдасының қурбанына айланып атырғанына не дейсиз?! Биреўлер тоңып секирсе, биреўлер тойып, дегени усы дә!
Сахибжамал Есемуратова.