Telegram karinform

Спорт

  • 31.05.2022 17:00
  • 1122

Хош хабар! НМПИ қызлар волейбол командасы Өзбекстан чемпионы болды

 

Усы жылдың 24-31-май күнлери аралығында Жиззақ ўәлаятында спорттың волейбол түри бойынша XXIX Өзбекстан чемпионатының жуўмақлаўшы бесинши тур жарыслары болып өтти.

 

Февраль айында старт алған Өзбекстан бириншилигиниң дәслепки тур ойынларынан берли қарсылас командаларға ҳеш қандай имканият қалдырмай, упайлар бойынша бириншиликти қолдан бермей келген Қарақалпақстан Республикасының Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қызлар сайланды командасы бесинши тур жарысларында да өзлериниң жоқары спорт шеберликлерин көрсетти.

 

Өткерилген бес тур нәтийжелерине муўапық, улыўма 58 упай менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қызлар сайланды командасы волейбол бойынша XXIX Өзбекстан чемпионатының жеңимпазы болды.

 

Екинши орынды 53 упай топлаған Наманган, ал үшинши орынды 52 упай топлаған Әндижан ўәлаяты командалары ийеледи.

 

  

 

Чемпионаттың сыйлықлаў салтанатында бир қатар номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланып, олар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қызлар сайланды командасы бас тренери Азат Казаков «Ең жақсы тренер», НМПИ волейбол командасы «Ең жақсы команда», команда ағзаларынан Индира Насратдинова «Ең жақсы ойыншы», Гүлбазар Нуранова «Ең жақсы тосықшы», Мақсуда Юлдашева «Ең жақсы команда сәрдары» номинациялары менен сыйлықланды.

 

Солай етип, волейбол бойынша XXIX Өзбекстан чемпионаты жеңимпазы болған Қарақалпақстан Республикасының Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қызлар сайланды командасы ағзаларына диплом, алтын медальлар ҳәм чемпионлық кубогы салтанатлы түрде тапсырылды.

 

 

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында