Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 31.05.2022 22:00
  • 9489

Президент мектебинде баспасөз конференциясы ҳәм медиа-тур болып өтти

  Усы жылдың 31-май сәнесинде Нөкис қаласында жайласқан Президент мектебинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы ҳәм медиа-тур болып өтти. 

  Медиа-тур даўамында журналистлер мектепте жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. 5 мыңнан аслам талабанлардың ишинен таңлап алынған оқыўшылардың физикалық ҳәм ақылый тәрептен және де раўажланыўы ушын мектепте кең имканиятлар жаратылған.

  Оқыўшылардың техникаға болған қызығыўшылығын оятыў ҳәм олардың ой-өрисиниң байыўына үлес қосыў мақсетинде шөлкемлестирилген технология кабинети, физика, химия ҳәм биология пәнлериниң лаборатория бөлмелери балалардың көпшилик ўақтын өткеретуғын орынлар екенлиги айтып өтилди. Мектептеги бассейн ҳәм спорт залда олардың физикалық тәрептен шынығыўы ушын керекли болған спорт инвентарьлары менен тәмийинленген. Ал, жәҳән китапхана тармақларына жалғанған китапханасында болса, дүнья тиллери ҳәм қарақалпақ тилиндеги 10 мыңнан аслам китаплар орын алған. Сондай-ақ, бул орында дүнья жүзине белгили газета-журналлар менен танысыў мүмкиншилиги бар.

 

 

 

 

Мектеп бойлап медиа-турдан соң Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге қабыллаў бойынша баспасөз конференциясы өткерилди.

  Президент мектебиниң академиялық директоры М.Л.Ирине, атқарыўшы директоры Н.Балтабаева, арнаўлы пәнлер бойынша директор орынбасары М.Насыров ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары М.Шлымбетовалар мектептиң оқыў бағдарламалары, оған қабыллаў процеси, мектеп оқыўшыларының жетискенликлери ҳәм онда жаратылған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

  Илаж соңында журналистлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

 

 

 

 

                                                                         Сүўретлер авторы: Президент мектебиниң медиа орайы

Сахибжамал Есемуратова,

Karinform.uz

 

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында