Telegram karinform

Экономика

  • 06.06.2022 16:00
  • 1098

Қарақалпақстанда санаат өндирисиниң раўажланыў көрсеткишлери қандай?

 

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында ҳәрекеттеги санаат кәрханаларының саны 3206 болып, усы кәрханалардың 1544 и, яғный 48,2 проценти республикамыздың төрт аймағына – 656 кәрхана Нөкис қаласы, 313 кәрхана Төрткүл районы, 300 кәрхана Әмиўдәрья районы ҳәм 275 кәрхана Беруний районында өз жумысын алып бармақта.

 

Республикадағы санаат өндириси қурамында ең көп үлес Нөкис қаласына (55,6 процент) туўра келеди. Буннан кейинги орынларды Тақыятас (13,8 процент), Төрткүл (4,6 процент), Қоңырат (4,1 процент), Беруний (3,8 процент) ҳәм Әмиўдәрья (3,5 процент) районлары бәнтлеген.

 

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының мәлим етиўинше, 2022-жылдың январь-апрель айларында республикамыздағы санаат кәрханалары тәрепинен 5699,6 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған.

 

Қарақалпақстан Республикасының санаат өндирисинде:

 

Қайта ислеў – 85,4 процент;

Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў – 13,8 процент;

Суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды жыйнаў ҳәм утилизациялаў – 0,5 процент;

Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў – 0,3 процентти қурайды.

 

Усы жылдың январь-апрель айларында қайта ислеўши санаат кәрханалары тәрепинен өндирилген өнимлер көлеми 4869,9 миллиард сумды қурады.

 

Қайта ислеўши санаат қурамында:

 

Химиялық өнимлер, резина ҳәм пластмасса буйымлары өндириси – 63,7 процент;

Азық-аўқат ҳәм ишимлик өнимлери өндириси – 13,1 процент;

Тоқымашылық, кийим, тери өнимлери өндириси – 18,8 процент;

Басқа металл емес минерал өнимлери өндириси – 2,4 процентти қурады.

 

Қайта ислеўши санаат өндириси ҳаққында сөз болғанда айырым түрдеги өнимлердиң муғдары ҳаққында атап өтиў орынлы болады.

 

Бул түрдеги санаатта усы жылдың январь-апрель айлары даўамында:

 

1244,8 мың литр арақ өнимлери;

101,2 мың тонна полиэтилен;

28,8 мың тонна полипропилен;

43,4 мың тонна жумсақ бийдай ҳәм спелта уны;

16,9 мың тонна пахта талшығы;

2,1 мың тонна тазаланған өсимлик майы өндирилген.

 

Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў кәрханалары тәрепинен өндирилген өнимлер көлеми 785,3 миллиард сумды қурады. Бул бойынша көрсеткишлер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5,2 процентке өскенлиги бақланған.

 

Атап айтқанда:

 

Электроэнергия – 1977,5 миллион киловатт саат;

Ыссылық энергиясы – 26,1 мың гигакалория;

Газ тәризли жанармайды трубалар арқалы бөлистириў бойынша хызметлер – 53512, 1 миллиард сумды қураған.

 

Суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды жыйнаў ҳәм утилизациялаў кәрханалары тәрепинен әмелге асырылған хызметлер көлеми 29,2 миллиард сумды қурады.

 

Бул бағдарда әмелге асырылған жумысларға нәзер аўдарғанымызда:

 

Ақаба суўларды жоқ етиў, транспортировкалаў ҳәм ислеў бериў бойынша хызметлер – 2396,1 миллион сум;

Қәўипсиз шығындыларды жыйнаў бойынша хызметлер – 6208,3 миллион сум;

Суўға ислеў бериў ҳәм суў трубалары арқалы бөлистириў бойынша хызметлер – 17810,9 миллион сумды қурағанлығын көриўимиз мүмкин.

 

Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў кәрханалары тәрепинен 2022-жылдың январь-апрель айлары аралығында 15,2 миллиард сумлық өнимлер өндирилген.

 

Соннан, атап өтилген дәўирде:

 

86,8 мың тонна ҳәктас;

485,5 миллион метр куб тәбийғый газ;

26,6 мың тонна газ конденсаты ислеп шығарылған.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...