Социаллық тармақлар ҳәм Телеграм мессенджериндеги топарларда Олий Мажлис Сенаты тәрепинен мақулланған жаңа нызамшылық нормасына муўапық, 2023-жылдан баслап Өзбекстан пуқараларына екеўден артық перзентли болыўға шеклеў орнатылып атырғаны ҳәм усы шеклеўге әмел етпеген адамлар жәриймаға тартылыўы ҳаққында хабарлар тарқалмақта.
«Бул хабарлар жалған ҳәм ҳақыйқатқа туўра келмейди»,-деп жазды «AntiFake.uz» каналы.
Еслетип өтемиз, халықтың арасында жалған мәлимлеме тарқатқаны ушын нызамшылық тийкарында жуўапкершилик белгиленген.
Райхан Дәниярова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
Karinform.uz